Мартин Чунгонг: Ташкент деклерациясы дүнья бойлап адамлардың абаданлығына хызмет етеди

190

Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы табыслы жуўмақланды. Ең әҳмийетлиси, онда пүткил дүнья халықларының турмысына байланыслы ҳүжжетлер қабыл етилди.

ӨзАның хабаршысы Парламентлераралық  Аўқамның Бас хаткери, Өзбекстан Республикасы «Дўстлик» ордениниң ийеси Мартин Чунгонг пенен бул ҳаққында сәўбетлести:

– Өзбекстан пайтахтында өткен тарийхый ассамблея Ташкент декларациясы менен жуўмақланғанынан жүдә қуўанышлыман. Декларация тек ғана глобал парламент жәмийетшилигиниң көзқарасларын емес, ал бир неше күн бурын ассамблеяға мүрәжат еткен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пикирлерин де өзинде сәўлелендирди.

Уллы мәртебели мырза кәмбағаллықтан абаданлыққа өтиў, күшли социаллық қорғаў системаларын қурыў, реформалар арқалы пуқаралардың турмысын жақсылаў ҳаққында айтты. Өзбекстандағы реформаларға айрықша тоқтап өтти.

Ташкент декларациясы биз ушын әҳмийетли ҳүжжет болып, ол парламентлер ағзаларына дүнья бойлап адамлардың абаданлығы жолында және де белсенди ҳәм исенимли ҳәрекетлерге тийкар жаратты.

Ташкенттеги бул тәжирийбе биз ушын әжайып нәтийже болды. Несип етсе, келеси сапары және қайтамыз. Бәлким, кейинги мәнзилимиз – Самарқанд болар.

Бәршеси, жоқары дәрежедеги шөлкемлестириў жумыслары, жоқары итибар ушын сизлерге үлкен рахмет!

Еслетип өтемиз, мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 7-апрельдеги «Мартин Пуквареке Чунгонгты Өзбекстан Республикасының «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Парламентлераралық Аўқам арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў ҳәм тереңлестириў бағдарында көп жыллық нәтийжели жумысы, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы әҳмийетли биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, парламент дипломатиясы менен регионлараралық байланысларды, ашық ҳәм конструктив сиясий қарым-қатнасты әмелге асырыўға тиккелей үлес қосқаны, сондай-ақ, елимиздиң халықаралық абырайын дүнья масштабында көтериўдеги әмелий ҳәрекетлери ушын Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Пуквареке Чунгонг Өзбекстан Республикасының «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.

Норгул Абдураимова, ӨзА