Өзбекстан ҳәм Қытай: жергиликли бюджетлер бағдарламасы менен байланыслы жойбарлар жолға қойылады

Олий Мажлис Сенатына Қытай Халық Республикасы Миллий аудит басқармасы баслығы Хоу Каи келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириў ҳәм оның нәтийжели жумсалыўында есап-санақ палатасының системасы ҳәм парламенттиң өз-ара бирге ислесиўиниң үлкен әҳмийети ҳаққында сөз болды.

Усы тараўда Қытай менен өз-ара тәжирийбе алмасыў, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм бул бағдардағы нызамшылық системасын жетилистириў бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, бюджетти қәлиплестириў, соның ишинде, саўда-экономикалық, аўыл хожалығы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм ҳаял-қызлардың исбилерменлигин раўажландырыў бағдарларында гендер процесиниң үлкен әҳмийети додаланды.
Аймақлараралық сөйлесиўлердиң раўажланып атырғанын инабатқа алынып, жергиликли бюджетлер бағдарламасын қәлиплестириўде парламентлик қадағалаўды күшейтиўге байланыслы жойбарларды жолға қойыўға келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА