Саудияда жаңа кәнлер табылды

Саудия Арабстаны Энергетика министри шаҳзада Абдулазиз бин Салмон Патшалықтың Шығыс ўәлаяты ҳәм Руб ал-Хали шөлинде он төрт жаңа нефть ҳәм газ кәни ашылғанын мәлим етти.
Мәмлекеттиң жетекши «SPA» мәлимлеме агентлиги министрдиң сөзлеринен төмендегише силтеме келтирген:
– «Saudi Aramco» миллий нефть компаниясы алты жаңа кән ҳәм әмелдеги кәнлердеги еки ошақты, сондай-ақ, еки жаңа газ кәни ҳәм төрт ошақты анықлады.
Лаўазымлы адамның сөзлерине қарағанда, бул ашылыў мәмлекет бай углеводород ресурсларына ерисилгенин тастыйықлайды, экономикалық раўажланыў ушын жаңа шеклер ашады, алдағы он жыллықлар даўамында жергиликли ҳәм глобал энергия талабын нәтийжели, турақлы қанаатландырыў қәбилетин қоллап-қуўталайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги