Пуқаралар жыйыны баслықларын сайлаўға таярлық жумыслары басланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында пуқаралар жыйыны баслықларын сайлаўға таярлық мәселелерине бағышланған семинар шөлкемлестирилди.
Илажды Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ашып берди. Семинарға Жоқарғы Кеңес комитетиниң баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан Мәҳәллелер ассоциациясының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бөлиминиң жуўапкер хызметкери Б.Кушбаков, Мәҳәллелер ассоциациясының қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң баслықлары, жергиликли ҳәкимликлердиң шөлкемлестириў-кадрлар топарының жуўапкерлери қатнасты.

Семинар даўамында тийкарғы итибар пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселесине қаратылды. Атап айтқанда, сайлаў процесинде халық арасында түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыў, жумысшы топарлардың жумысын муўапықластырыў, сайлаў өткерилетуғын орынларды белгилеў ҳәм зәрүр материаллық-техникалық шараятларды жаратыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Атап өтилиўинше, быйылғы сайлаўлар мәмлекеттеги демократияластырыў ҳәм реформалаў процесслери тийкарында май-июнь айларында болып өтеди.
Семинар даўамында шөлкемлестириў жумысларына байланыслы сораўларға жуўап берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги