Өзбекстан жас қылышпазлары Жәҳән чемпионатында күшли үшликтен орын алды

68

Қытай мәмлекетинде өткерилген жаслар арасындағы Қылышласыў бойынша жәҳән чемпионатында Өзбекстан жаслар сайланды командасы мүнәсип қатнасып, бир қатар жоқары нәтийжелерге еристи.

Жарыста Өзбекстан қызлар сайланды командасының абырайын қорғаған спортшылар сыйлы 3-орынды қолға киргизди. Команда қурамында Аякөз Жумамуратова ҳәм Гүлистан Пердебаева өз шеберлиги ҳәм күшли ерк-ықрары менен қола медалы ушын гүресте өзиниң мүнәсип үлесин қосты.

Сондай-ақ, жарыста Өзбекстан жигитлер сайланды командасы да жоқары нәтийже көрсетип, Жәҳән чемпионатында күшли үшликтен орын алды.

Жигитлер арасындағы беллесиўлерде Ислам Абдазов ҳәм Муса Аймуратов өз шеберлиги менен ажыралып турды ҳәм қола медалын жерлеслеримиздиң есабына жазып қойды.

Бул нәтийжелер Өзбекстанда қылышласыў спорты барған сайын раўажланып, жаслар арасында жаңа қәбилетлилер жетисип шығып атырғанынан дәрек береди.

Спортшыларымызды бул жетискенликлери менен қутлықлаймыз ҳәм алдағы жарысларда және де үлкен табыслар тилеп қаламыз.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы