Билим ҳәм тәсирлерге бай ушырасыў болды

63

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде салтанатлы илаж шөлкемлестирилди. Онда тараў ўәкиллери, лицей муғаллимлери ҳәм оқыўшы-жаслар белсене қатнасты.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды. Ушырасыўды лицей директоры Равшанбек Игамбердиев ашып, Конституция ҳәр бир пуқараның турмысында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Илаждың тийкарғы мийманлары – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясының баслығы Х.Ешимбетов, Конституциялық қадағалаў комитетиниң ағзасы Т.Қаллибеков ҳәм экономикалық ислер бойынша судья У.Сабиров өзлериниң шығып сөйлеўлеринде Конституцияның елимиздиң раўажланыўындағы орны, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Атап өтилиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген болып, ол алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап ҳәм 121 статьядан ибарат.

Илаж шеңберинде лицей оқыўшылары арасында «Конституция –  келешегимиз кепили» атамасында таңлаў шөлкемлестирилди. Жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ушырасыў даўамында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўап алыў имканиятына ийе болды. Илаж барлық қатнасыўшылар ушын билим ҳәм тәсирлерге бай болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги