Қытайда қариялар үйи жанып кетти, қайтыс болғанлар бар

196

Қытайдың арқа тәрепиндеги қариялар үйинде өрт жүз берди. Нәтийжеде 20 адам қайтыс болды. Бул ҳаққында «Синхуа» жергиликли ҳәкимият уйымына сүйенип хабар берди.

Апатшылық шийшемби күни жергиликли ўақыт пенен саат 21:00 де Хэбэй ўәлаятының Чэнгдэ қаласы Лунхуа районында болған.

– Дәслепки мағлыўматларға болы, 9-апрель саат шама менен 3:00 жағдайына бола, өрт тәсиринде қайтыс болғанлар 20 адам, – делинеди хабарда. – Аман қалған кекселер жақын әтираптағы емлеўханаға жайластырылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги