Тайваньда жер силкиниў

213

Тайваньның арқа-шығысында 5,8 магнитудалы жер силкиниў жүз берди, деп хабар тарқатты атаўдың орайлық ҳаўа-райы бюросы.

Жер силкиниў  жергиликли ўақыт пенен 9,53 те арқа-шығыс Йилан районында бақланған. Жер силкиниў ошағы 72,4 километр тереңликте.

Қурбанлар ҳәм ўайран болған жерлер ҳаққында ҳәзирше мағлыўмат жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги