Түркия қорғаныў санааты экспорты рекорд көрсетти

218

2025-жыл март айында Түркия қорғаныў ҳәм авиация экспорты бойынша рекорд орнатты ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 147 процент өсим көрсетти.

Тийисли дәўирде мәмлекет басқа мәмлекетлерге жәми 884 миллион долларлық әскерий өним жеткерип берген. Жылдың басынан берли секторда жәми экспорт баҳасы 1,7 миллиард долларды қурады. Бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 72 процентке көп.

Бул санлар Қорғаныў санааты баслығының билдириўинде сәўлеленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги