Конституция – абадан турмысымыздың ҳуқықый кепили

Мүнәсибет
Конституция хаққында сөз етер екенбиз, ең дәслеп хүжжеттиң халқымыз турмысындағы орны ҳәм роли, пуқараларымыздың нызам менен қорғалатуғын хуқықлары менен еркинликлериниң кепиллигин тәмийинлеўдеги әҳмийети, елимизде жасаўшы ҳәр қандай миллет ўәкиллериниң миллий қәдириятларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы айрықша ўазыйпаларын атап өтиўимиз лазым.
Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 32 жыл толады.
Өзбекстан Республикаси Конституциясының 86-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы өз Конституциясына ийе болыўы керек екенлиги белгилеп қойылған болып, 1993-жыл 9-апрель күни XXVI бап ҳәм 121-статьядан ибарат Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди.
Елимизде жасаўшы пуқаралардың турмыс тәризин жақсылаў, ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, оны қәдирият дәрежесине көтериў – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының да ең үлкен мақсети болып есапланады.
Соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына үлкен дыққат қаратылып, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў мақсетинде кең көлемдеги жумыслар әмелге асырылмақта.
Усындай басламалар нәтийжесинде қысқа мүддет ишинде республикамыздың жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық тараўларында үлкен өзгерислер жүз берип атырғанлығын айрықша атап өтиўимиз тийис.
Әсиресе, қарақалпақстанлы жасларға, хаял-қызларға, сондай-ақ, исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар негизинде олардың өмиринде үлкен бурылыслар жүз берип атырғанлығына ҳәр қәдемде гүўа болып атырмыз.
Сондай ақ, заманласларымыздың жәмийетте мүнәсип орын ийелеўине айрықша итибар қаратылып, мәмлекетимиздиң раўажланыўында пидәкерлик пенен қатнасып атырған инсанлардың мийнетлери мүнәсип баҳаланып атырғанлығы бәршемизди қуўандырады.
Мәмлекетимизде қабыл етилип атырған ҳәр қандай нызам ҳәм унамлы басламалардың мазмуны ҳәм әҳмийети Конституциямызда өз көринисин тапқанлығын да атап өтиўимиз тийис.
Солай екен, елимизде жасаўшы ҳәр бир пуқара ҳуқық ҳәм миннетлемелерин билген ҳалда, нызамда белгилеп берилген жуўапкершиликти терең сезинип, елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай хызмет етиўи мақсетке муўапық.
Пурсаттан пайдаланып, бәршени Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман.
Руслан Джумамуратов,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги