Туризм аўылларын шөлкемлестириў бойынша 3 жыл бурын басланған жумыс жақсы нәтийже берип атырғаны көрсетип өтилди.

214

Бирақ, Ташкент ўәлаятында Корея тәжирийбеси тийкарында туризм аўылын пайда етиў басламасы қағазда қалып кеткени, Қашқадәрья ҳәм Жиззақта тек 1 туризм аўылы ашылғаны көрсетип өтилди. Наўайы ҳәм Сырдәрьяда өнерментшилик, Жиззақ ҳәм Ферғанада гастрономиялық туризм орайлары жоқ.

Сондай-ақ, Жиззақ ҳәм Сурхандәрьяда туризм экспорты 65 миллион долларға, Сырдәрьяда болса 30 миллион долларға бармайды.

Бирден-бир шегара пунктинде елимиздиң ҳәр қыйлы туризм потенциалын көрсететуғын «туризм мүйеши» шөлкемлестирилмегени сынға алынды.

«Халқымыз арасында таўлы аймақларға пияда шығыў (трекинг) ғалаба ен жаймақта, деди Президент.

Жуўапкерлерге руқсатнаманы Бирден-бир интерактив портал арқалы 10 күнде бериўди енгизиў тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги