Реновация тәртип-қағыйдалары бойынша мәлимлеме берилди

Президент Шавкат Мирзиёев 9-апрель күни қала қурылысы реновациясының ҳуқықый тийкарларын белгилеў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
Соңғы сегиз жылда мәмлекетимиз халқы 6 миллионға көбейди. Усы дәўирде ярым миллионға шамалас шаңарақлар қурылды. Соның ишинде, өткен жылы 100 мың хожалықтан ибарат көп қабатлы турақ жай қурылған болса, быйыл және де көп – 130 мыңнан артық квартира режелестирилген.
Жақын жылларда халқымыздың саны 40 миллионға жетиўи күтилмекте. Бундай өсиўде жылына 140-150 мың квартираға талап пайда болады. Бул ҳәр жылы қосымша 2 мың гектар жер керек, дегени. Бирақ жер майданлары да шекленген.
Бундай жағдайда реновация бағдарламасы пайдалы болады. Мәселен, республикада 17 мың 2-3 қабатлы ески турақ жайлар бар. Олардағы шараят, орталық ҳәзирги заманға мүнәсип емес. Электр, газ, суў ҳәм басқа да инфраструктуралар ескирген, көбисинде ақаба тармағы да жоқ.

Олардың орнында заманагөй турақ жайлар қурылса, ҳәзиргиден 3 есе көп халық жайласады. Тийкарғысы, хожалықларда жаңа коммуникация, ыссы ҳәм суўық суў, ақаба тармағы болады. Адамлар азада, ықшам ҳәм берекетли шараятларда жасайды. Бул арқалы мыңлаған шаңарақлардың турмыс дәрежеси өседи, әҳмийетлиси, олар бул шараятларды биринши мәрте өзи өсип камалға келген жерде сезиўди баслайды.
Және бир әҳмийетли тәрепи – энергия үнемлилик мәселеси. Турақ жайлар бир пүтин болса, инфраструктура тармақлары, энергия аз жумсалады.
Ҳәзирги ўақытқа шекем бул бағдарда бирден-бир ҳүжжет жоқ еди. Соның ушын, сырт ел тәжирийбеси тийкарында, «Қала қурылысы реновациясы ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды.
Презентацияда реновация системасының ҳуқықый, финанслық ҳәм шөлкемлестириў тәреплери көрип шығылды.

Бундай бағдарламалар 3 басқышта әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта. Алдын, қала ҳәм районларда реновацияға сәйкес аймақ таңланып, жойбар ислеп шығылады. Мүлк ийелерине жаңа үй ямаса компенсациялар усыныс етиледи. Барлық мүлк ийелери менен келисимлер жекеме-жеке, нотариал қурамда тастыйықланады. Жойбарлар ушын ҳәр бир аймақта реновация қорлары шөлкемлестириледи.
Екинши басқышта реновация бағдарламасы аймақлық ҳәм республика кеңеслери тәрепинен көрип шығылып, қурылыс шөлкеми анықланады. Үшинши басқышта турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылады.
Реновацияға түскен аймақтың экономикалық имканияты да артады. Жалпы үйлердиң 1-2-қабатларында саўда, хызмет көрсетиў ҳәм киши ислеп шығарыўшылар болады. Сондай-ақ, бул система арқалы 20 мың гектар жер үнемлениўи есап-санақ етилген.

Атап айтқанда, биринши басқышта реновация тийкарында 20 мың квартира қурылыўы мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жойбарларды, бәринен бурын, ол жерде жасаўшылардың мәплерин есапқа алған ҳалда, системалы ҳәм әдалатлы әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мақсетте жуўапкерлер, район ҳәкимлери ҳәм олардың тийисли орынбасарлары реновация тәртип-қағыйдалары ҳәм жумысты дурыс шөлкемлестириў илажлары бойынша қосымша оқытылатуғыны айтылды.
Реновация аймақларын инфраструктура менен тәмийинлеў, девелопер ҳәм қурылыс шөлкемлериниң жумысын муўапықластырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.
ӨзА