ЕҚБШ Парламент ассамблеясы баслығы менен ушырасыў болып өтти
98

Усы жылдың 9-апрель күни Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ЕҚБШ Парламент ассамблеясы баслығы Пиа Каума менен ушырасыў өткерди
Ушырасыў ўақтында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың унамлы нәтийжелери атап өтилип, олардың халықаралық стандартлар ҳәм ЕҚБШ принциплерине муўапық екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиў даўмаында глобал миграция процесслери шараятында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мәплерин қорғаўға қаратылған илажлар додаланды.


Ушырасыў жуўмағы бойынша бирге ислесиўди және де тереңлестириў, парламент форумларын биргеликте шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги