«Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» спорт жарысларына старт берилди

51

Әмиўдәрья районында жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды спортқа тартыў мақсетинде гезектеги әҳмийетли илаж – «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» спорт жарыслары баслап жиберилди.

Жарыс Әмиўдәрья районындағы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жасалма қапламалы спорт майданшасында салтанатлы түрде ашылды.

Илажда район ҳәкими Сабыр Хожаметов ҳәм район басшылары қатнасты. Олар жасларға жарыста әўмет ҳәм жеңис тилеп, районнан келешекте жәҳән чемпионлары жетисип шығыўына исеним билдирди.

Жарыслар спорттың мини футбол түри бойынша өткерилмекте. Онда районның 49 аўыл ҳәм мәҳәллелеринен жаслар командалары қатнаспақта.

Қызғын өтип атырған беллесиўлерде жас спортшылар өз шеберлигин көрсетпекте. Бул жарыслар жаслардың дослық байланысларын беккемлеўге, спорт арқалы өз үстинде ислеўге үлкен түртки болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги