Қарақалпақстанда 1000 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясы қурылады

92

Өзбекстанда «жасыл экономика»ны раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдемлер тасланбақта. Усы жылдың 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында болып өткен биринши халықаралық климат форумы шеңберинде мәмлекет экономикасының түрли тараўларына үлкен инвестицияларды тартыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди.

Форум шеңберинде Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен Қытайдың үлкен компаниялары менен әҳмийетли инвестициялық келисимлерге қол қойылды.

Соның ишинде, ISSV ҳәм SANY Renewables International Investment Co., Ltd. компаниялары Қарақалпақстан Республикасы аймағында 1000 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў бойынша келисимге еристи.

Бул жойбар тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил Өзбекстан энергетика системасы ушын үлкен әҳмийетке ийе. Жойбар әмелге асырылса, регионның энергетика потенциалы артады, жумыс орынлары жаратылады ҳәм турақлы дәрамат дәреги қәлиплеседи.

Сондай-ақ, усы форум шеңберинде Қытайдың Liquip International компаниясы Жиззақ ўәлаятының Фориш районында 500 МВт қуўатлылыққа ийе қуяш электр станциясын қурыў бойынша да инвестициялық келисимге қол қойды.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы