Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Парламентлераралық Аўқамның 150-Ассамблеясындағы шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Тулия Эксон Ханым!
Ҳүрметли Мартин Гунгонг Мырза!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясында қатнасыў ушын дүньяның барлық континентлеринен келген абырайлы делегацияларды Өзбекстан үлкесинде қызғын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.
Өзиниң қатарында 181 миллий парламент ҳәм 15 регионаллық ассоцацияны бирлестирген Аўқамның Ассамблеясы биринши мәрте Орайлық Азия регионында болып өтпекте. Әнжуманның гөззал пайтахтымыз – Ташкент қаласында өткерилип атырғаны бизге үлкен мақтаныш бағышлайды.
Бундай жоқары исеним ҳәм ҳүрметти биз елимизде алып барылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, парламентаризм ҳәм ўәкилликли ҳәкимиятты раўажландырыў бағдарында ерисилип атырған үлкен нәтийжелердиң тән алыныўы, деп қабыллаймыз.
Мен де 15 жыл даўамында парламент ағзасы болғанман. Дүньяны тыныш, жәмийетлерди және де абадан етиўге қаратылған уллы жумысыңыздың қаншелли жуўапкершиликли екенин жақсы билемен ҳәм түсинемен.
Сизлер – мисли халықларды бир-бирине байланыстырыўшы беккем дослық көпирисиз. Сизлер-адамлардың дәрти менен тәшўиши ҳәм машқалаларын ең төменги системадан баслап, керек болса, регионаллық ҳәм халықаралық көлемге алып шығыўға, оларға нәтийжели шешим таба алатын қүдиретли күшсиз.
Әлбетте, сизлер өз халықларыңыздың қәлеўи, ерк-ықрарын көрсетип, миллий раўажланыў моделлерин ислеп шығыўда, заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап бериўде үлкен роль атқармақтасыз.
Пурсаттан пайдаланып, Парламентлераралық Аўқам басшылығына, шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң нызамшылық уйымлары ҳәм халықаралық парламент аўқамлары ўәкиллерине шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Өзбекстанға хош келдиңиз, әзиз мийманлар!
Ҳүрметли Ассамблея қатнасыўшылары!
Сыр емес, соңғы жыллары дүньяның ҳәр қыйлы регионларында қураллы соқлығысыўлар, экологиялық ҳәм техноген апатшылықлар, экономикалық кризислер, «саўда урыслары», терроризм ҳәм экстремизм қәўиплери күн сайын күшейип бармақта. Бундай оғада қурамалы шараятта дүньяда тынышлықты сақлаў, социаллық раўажланыў ҳәм әдилликти тәмийинлеўде парламентлер қатнасын ҳәм тәсирин арттырыўды заманның өзи талап етпекте.
&әкиллик дипломатиясын әмелге асырыў, әҳмийетли мәселелерди халықлар ҳәм мәмлекетлердиң улыўма мәплери тийкарында системалы шешиўде Парламентлераралық Аўқам абырайлы ҳәм ең ири көп тәреплеме институтқа айланғанын айрықша атап өтпекшимен.
Аўқамның Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде турақлы бақлаўшы статусына ийе екени оның глобал турақлылық ҳәм тилеклесликке қосып атырған үлесиниң белгиси болып есапланады. Бүгинги әнжуманда 140қа шамалас мәмлекеттен 2 мыңнан аслам қатнасыўшылардың қатнасып атырғаны да пикиримниң айқын дәлили болып есапланады.
Бизиң басламамыз бенен Ассамблея «Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети» темасында өткерилип атырғаны, әлбетте, терең символикалық мәниге ийе.
Таллаўларға бола, соңғы отыз жылда дүнья ишки өниминиң көлеми 4,5 есеге артқан. Бирақ, тилекке қарсы, инсанияттың кәмбағал қатламларының дәраматлары дерлик өзгермеген. Егер бул тенденция сақланып қалса, 2030-жылға барып дүнья халқының 575 миллионы гедейликте жасайды 84 миллион бала болса билим алыў имканиятынан айырылады.
Өз-өзинен көринип тур, бул жағдай экономика ҳәм жәмийетке үлкен зыян келтиреди, социаллық-экономикалық институтлардың жумысын төменлетеди, нәтийжеде адамлардың имканиятларын шеклейди.
Әлбетте, бундай теңсизликтиң тийкарғы себеплерин анықлаў ҳәм оның ақыбетлерине қарсы гүресиў барлығымыздың тийкарғы ўазыйпамыз.
Бул бағдарда мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасында көп тәреплемели бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм және де кеңейтиў улыўма раўажланыўымызға мүнәсип үлес қосады.
Бул бағдарда парламентлер ең жақсы дәстүр ҳәм алдыңғы тәжирийбелерди иске қосыў ҳәм алмасыў, өз-ара ҳәрекетлерди бирлестирген ҳалда, бар интеллектуаллық имканият ҳәм күшин толық жумсайтуғынына үмит етемен.
Ҳәммеңизге мине, усындай мақтанышлы жумыста үлкен табыс ҳәм әўметлер тилеймен.
Ҳүрметли делегациялар басшылары ҳәм ағзалары!
Ҳәзирги күнде Жаңа Өзбекстан изге қайтпас демократиялық реформалар ҳәм прагматикалық сырқты сиясат жолынан исенимли қәдем таслап, дүнья жәмийетшилиги менен ашық ҳәм жедел сөйлесиў алып бармақта.
Биз мәмлекетимизде күшли ҳәм жуўапкершиликли парламентти қурыў, нәтийжели парламент дипломатиясын қолланыў ушын кең шараятлар жаратып атырмыз.
«Өзбекстан-2030» стратегиясында парламент институтын раўажландырыўды әҳмийетли ўазыйпа сыпатында айрықша белгиледик. Соңғы жыллары нызам шығарыўшы ҳәкимияттың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы орнын арттырыўға қаратылған 20 дан аслам нызамлар қабыл етилди.
Әсиресе, 2023-жылы улыўма халықлық референдум арқалы қабыл етилген жаңа Конституцияда парламент ўәкилликлери кескин арттырылды. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының толық ўәкилликлери 5 еўден 12ге, Сенат ўәкилликлери болса 14тен 18ге жеткерилди. Суд, коррупцияға қарсы гүрес ҳәм бәсеки уйымларын қәлиплестириў бойынша Президенттиң бир қатар ўәкилликлери нызам шығарыўшы ҳәкимиятқа өткерилди. Парламенттиң Ҳүкиметти қәлиплестириўдеги қатнасы, ҳуқық қорғаў уйымлары үстинен қадағалаў механизмлери және де күшейтилди.
Бул өзгерислерге сәйкес түрде аймақларымызда да халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң ўәкилликлери кеңейтилди. Соның ишинде, 30дан артық ўәкилликлер жергиликли кеңеслерге өткерилди ҳәм бул процесслер избе-из даўам еттирилмекте.
Миллий парламентимизде ҳаял-қызлардың үлеси ҳәзирги күнде 38 процентке жетти. Бул көрсеткиш Парламентлераралық Аўқам тәрепинен жоқары атап өтилип, Азия регионында соңғы отыз жылда ең жоқары өсиў сыпатында баҳаланғаны бизге айрықша қанаатланыўшылық бағышлайды.
Буннан тысқары, 2021-жылы Олий Мажлис палаталарының жанында биринши мәрте жаслар парламентлериниң жумысы жолға қойылды.
Ҳәзирги ўақытта миллий парламентимиз 100ге шамалас сырт ел бирге ислесиўшилери менен тығыз байланыслар орнатқан. 80 биргеликтеги дослық топарлары ҳәм комиссиялары нәтийжели жумыс алып бармақта.
Өзбекстан парламент бағдарында глобал әҳмийетке ийе болған бир қатар халықаралық басламаларды алға қойып келмекте. Атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында»ғы резолюциясы қабыл етилди.
Аўқам менен биргеликте Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын ҳәр еки жылда Парламентлераралық глобал бирге ислесиў форумы өткерип келинбекте.
Өзбекстан ўәкиллери Азия Парламентлери Ассамблеясы, Орайлық Азия парламентлери форумы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Парламент Ассамблеясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлер Ассамблеясы ҳәм басқа да платформаларда белсене қатнаспақта.
Улыўма, ҳәзирги күнде ўәкилликли уйымларымыз Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, гендер теңликти тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша да өз мойнына үлкен жуўапкершилик алған.
Бул ийгиликли мақсетлерди жүзеге шығарыў ушын парламентимизде жетерли имканият, жоқары сана ҳәм бай тәжирйибеге ийе, сайлаўшылардың беккем исенимине ерискен жанкүйер ҳәм пидайы халық ўәкиллери жумыс алып бармақта.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Жер жүзинде жүз берип атырған бүгинги глобал өзгерислер Парламентлераралық Аўқам ҳәм миллий парламентлеримиздиң алдына жаңадан-жаңа ўазыйпаларды қоймақта.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан усы Шөлкемниң толық ағзасы сыпатында оның барлық структура ҳәм форумларының жумысында белсене қатнасып келмекте. Глобал күн тәртибиндеги тийкарғы бағдарлар бойынша нәтийжели әмелий бирге ислесиўди жолға қойғанбыз.
Руқсатыңыз бенен төмендеги мәселелерге айрықша тоқтап өтпекшимен.
Биринши. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларындағы келиспеўшиликлер глобал ҳәм регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизликке үлкен қәўип салмақта.
Өзбекстан ҳәр қандай тартыс ҳәм қарама-қарсылықларды тек ғана дипломатия ҳәм тыныш сөйлесиўлер жолы менен шешиўдиң айрықша тәрепдары екенин және бир мәрте атап өтпекшимен.
Украина әтирапындағы жағдай бойынша басланған сөйлесиўлер процеси өзиниң унамлы нәтийжесин әлбетте береди, деп үмит етемиз.
Ең аўыр машқалаларға халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Режеси ҳәм резолюциялары тийкарында шешим табыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Соның ишинде, Палестина-Израил келиспеўшилигиниң бирден-бир әдалатлы шешими «еки халық ушын – еки мәмлекет» принципин жүзеге шығарыўдан ибарат.
Бизге қоңсы болған Аўғанстан ҳаққында тоқтап өтпеў мүмкин емес. Бул мәмлекеттиң халықаралық майданда жекеленип қалыўына жол қоймаў, әмелдеги ҳүкимет пенен конструктивлик қарым-қатнас орнатыў, Аўғанстанға Орайлық Азия регионының ажыралмас бөлеги ҳәм жаңа имканиятлар мәканы сыпатында қараў керек, деп есаплаймыз. Бул бағдарда парламентлердиң жәрдемине сүйенемиз.
Улыўма алғанда, Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкемин универсал ҳәм уқсасы жоқ бирден-бир глобал структура сыпатында атап өтеди. Биз бул бойынша Бас хаткер Антониу Гутерриштиң усы халықаралық шөлкемди терең реформалаў, оның имканиятын арттырыў бойынша алып барып атырған системалы ҳәрекетлерин толық қоллап-қуўатлаймыз.
Соның менен бирге, Евроазия топарының Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған баянатын толық қоллап-қуўатлаймыз.
Екинши. Дәўиримиздиң өткир машқаласына айланған, планетамыздың раўажланыўына аўыр тосқынлық болып атырған климат өзгерислери турақлы дыққатымыз орайында болыўы керек. Себеби, оның аянышлы ақыбетлери, бәринен бурын, раўажланып атырған мәмлекетлерге күшли тәсир етпекте.
Париж келисими шеңберинде ҳәм углерод нейтраллығына ерисиў бағдарында өз мойнымызға алған миннетлемелерди толық орынлаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Бул мәселелерди күни кеше Самарқандта болып өткен халықаралық климат форумында да ҳәр тәреплеме додаладық.
Мәмлекетлердиң климат сиясаты бойынша алдыңғы басламаларын қоллап-қуўатлаў, қайта тикленетуғын энергия дереклери ҳәм «жасыл» технологияларға өтиўди қоллап-қуўатлаў парламентлердиң әҳмийетли ўазыйпасына айланса, әлбетте, үлкен жетискенликлерге ерисемиз.
Климат өзгериўи темасы Ассамблеяның күн тәртибиндеги бас мәселелерден бири сыпатында турақлы орын алыўы керек, деп есаплаймыз.
Үшинши. Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қатаң қәлиплестириў социаллық раўажланыўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.
Таллаўларға бола, экономиканың барлық тармақларында ҳаял-қызлардың ер адамлар менен теңдей қатнасы тәмийинленсе, дүнья ишки өниминиң көлеми 26 процентке өседи. Дүнья көлеминде ҳаял-қыз депутатлардың үлеси 1995-жылдағы 11,3 проценттен усы жылға келип 27,2 процентке көтерилгени әлбетте қуўанышлы жағдай.
Жәмийетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың белсендилигин қоллап-қуўатлаў бойынша тәсиршең илажлар жәрдеминде, әлбетте, жаңа нәтийжелерге ерисемиз.
Соңғы жыллары елимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми институтлары ҳәм Парламентлераралық Аўқам менен биргеликте Азия ҳаял-қызлар форумы ҳәм Дүнья парламентлери ҳаял басшыларының 14-саммитиниң нәтийжели өткерилгенин айрықша атап өтпекшимен.
Соның ушын бизиң басламамыз бенен алға қойылып атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассаблеясының «Азия ҳаял-қызларының социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений-гуманитарлық белсендилигин арттырыў ҳаққында»ғы резолюциясын қоллап-қуўатлаўыңызға үмит етемен.
Төртинши. Жаслардың парламент жумысы менен бир қатарда жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында толық қатнасыўы ушын олардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиў оғада әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Парламентлер ушын жаңа әўладты тәрбиялаў, бул бағдарда нәтийжели халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў келешегимиздиң әҳмийетли факторы болып есапланады. Соның ушын миллий парламентлер ҳәм Аўқам жумысына жасларды жедел тартып, турақлы сөйлесиўди күшейтиў зәрүр, деп ойлайман. Бул бағдарда Парламентлераралық Аўқам системасы шеңберинде Жаслар парламентлери глобал платформасын шөлкемлестириў ҳәм шөлкемлестириў форумын Өзбекстанда өткериўди усыныс етемен.
Бесинши. Ҳәр бир инсанның социаллық қорғаўға болған ҳуқықларын тәмийинлеў, халықаралық стандарт ҳәм нормалар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Биз Өзбекстанды социаллық мәмлекет, деп жәриялап, халықтың ҳәр тәреплеме қорғалыўын тәмийинлеўди сиясатымыздың баслы бағдары етип белгиледик. «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырмақтамыз.
Кейинги сегиз жылда 7 миллионнан аслам халық кәмбағаллықтан шығарылып, оның дәрежеси 35 проценттен 8,9 процентке түсирилди. Усы жылы бул көрсеткишти 6 процентке азайтыўды мақсет еткенбиз.
Быйыл сентябрь айында елимизде болып өтетуғын кәмбағаллықты қысқартыўға бағышланған халықаралық конференция жумысында мәмлекетлериңиз парламентлери ўәкиллерин белсене қатнасыў ушын мирәт етемиз.
Және бир әҳмийетли мәселе. Ҳәзирги күнде барлық тараўларға кеңнен кирип киятырған жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиўди күшейтиўди ҳәзирги заманның өзи бизден талап етпекте.
Жасалма интеллекттен пайдаланыў этикасы бойынша модель нызам ислеп шығылса, бул инновациялық ҳуқықый тийкар дүнья көлеминде тез раўажланып атырған бул тараўды нәтийжели тәртипке салыўда барлық мәмлекетлер ушын өзине тән үлги болар еди.
Ҳүрметли парламентлер басшылары ҳәм ағзалары!
Бизиң барлық усыныс ҳәм басламаларымыз Парламентлераралық Аўқамның Стратегиясы мақсетлерине толық сәйкес екени менен әҳмийетли болып есапланады.
Соның менен бирге, көзқарасларымыз бүгинги тарийхый Ассамблея жуўмақлары бойынша қабыл етилетуғын Ташкент декларациясында да өз көринисин табады, деп исенемен.
Әлбетте, дүньядағы ҳеш бир мәмлекет ҳәм жәмийет тек ғана көплеген нызам ямаса қарарлар қабыл етиў менен раўажлана алмайды. Ҳәммемиз бул жолда бирлесип, нызам дөретиўшилиги руўхын күшейтип, бар билим ҳәм тәжирийбемизди бирден-бир мақсетке қарай жумсаў арқалы улыўмалық мақсетимизге ерисе аламыз.
Ассамблея шеңберинде өтип атырған 70 ке шамалас ҳәр қыйлы илаж ҳәм дебатларда парламентлер алдында турған ең тийкарғы ўазыйпалар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылады ҳәм перспективалы режелер белгилеп алынады, деп исенемен.
Қабыл етилетуғын барлық қарарлар болса көп тәреплемели ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўимиз тарийхында жаңа бет ашады.
Әзиз дослар!
Халықаралық жәмийетшиликтиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, социаллық әдиллик ҳәм теңликти тәмийинлеў ҳәм жоқары демократиялық қәдириятларды алға қойыў жолындағы ийгиликли жумысыңызда бәршеңизге беккем денсаўлық ҳәм таўсылмас күш-ғайрат яр болсын!
Ассамблея жумысына үлкен табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.