Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында: Ташкенттеги ассамблея атап өтилмекте

152

Хабарыңыз бар, усы күнлерде пайтахтымызда абырайлы халықаралық илаж – Парламентлераралық Аўқамның 150-ассамблеясы өткерилмекте.

Абырайлы әнжуман алдынан Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Бас директоры Абдусаид Кўчимовтың «Жәҳән парламентаризми тарийхындағы әҳмийетли басқыш» атамасындағы мақаласы ӨзА сайты ҳәм жергиликли газеталарда басып шығарылған еди.

Илаж перспективасы, мазмун-мәниси ҳәм мәмлекетимиздиң парламент бағдарындағы реформаларына бағышланған аналитикалық мақала, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши мәлимлеме агентликлери, Европа ҳәм Араб мәмлекетлериниң белгили басылымларының итибарын да тартты.

Соның ишинде,  материал Чехия Республикасының «General News», Қырғызстанның «Кабар» мәлимлеме агентлиги, Түркияның «Demiro’ren Haber Ajansi», Араб қолтығы мәмлекетлериниң бирлеспеси – «The Gulf Observer» сыяқлы жетекши сырт ел басылымларында да жәрияланды.

Сондай-ақ, Түркияның «Анадолу» мәлимлеме сайтында да «Парламентлераралық Аўқам ассамблеясы Орайлық Азияда биринши мәрте Ташкентте болып өтпекте» атамасындағы мақала шықты.

Еслетип өтемиз, 5-9-апрель күнлери болып өтип атырған ассамблея мәжилисинде дүньяның 181 мәмлекети, 15 бақлаўшы мәмлекет ҳәм 25тен аслам халықаралық ҳәм парламентлераралық шөлкемнен 2000ға шамалас делегат қатнаспақта.

Беҳруз Худойбердиев,

ӨзА