Халықаралық валюта фондының Өзбекстан бойынша миссиясының басшысы Яссир Абдих пенен ушырасыў өткерилди

181

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамчид Қўчқаров ҳәм Халықаралық валюта фондының Өзбекстан бойынша миссиясының басшысы Яссир Абдих басшылығындағы делегация арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиўде тәреплер мәмлекетимиздеги экономикалық раўажланыў тенденциялары, социаллық-экономикалық реформалар, ерисилген нәтийжелер ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды. Онда хызметлер, атап айтқанда, базар хызметлери, туризм, мәлимлеме технологиялары ҳәм қаржы тараўларындағы жоқары көрсеткишлер, халықтың жан басына ЖИӨниң өсими, инфляция дәрежесиниң турақлылығын тәмийинлеў, санааттағы нәтийжелер, мәмлекетлик бюджет сиясаты, МЖШ бағдарламалары тийкарында әмелге асырылып атырған инфраструктуралық жойбарлар, жасыл өсимди тәмийинлеў сыяқлы бағдарларға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы ҳәм энергетика тараўларындағы раўажланыў бағдарлары да додаланды.

Тәреплер бул тараўлардағы байланысларды беккемлеў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде пикир алысыў процесслерин кеңейтиўге келисип алды.

ӨзА