Өзбекстан Президенти Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери делегацияларының басшыларын қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясына қатнасыў ушын елимизге келген Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери делегацияларының басшыларын қабыллады.
Биргеликтеги ушырасыўда Қазақстан Республикасы Парламенти Мажлиси Баслығы Ерлан Кошанов, Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши Торағаси Нурланбек Турғунбек улы, Тәжикстан Республикасы Мажлиси Намояндагон Баслығы Файзали Идизода ҳәм Түркменстан мажлиси Баслығы Дунягузал Гулманова қатнасты.
Жоқары мәртебели мийманлар Өзбекстан Республикасы Президентине өз мәмлекетлери жетекшилериниң қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди, регионымызда биринши мәрте өткерилип атырған бул халықаралық илаждың әҳмийетин айрықша атап өтти.
Туўысқан мәмлекетлер арасындағы дослық, жақын қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
4-апрель күни Самарқанд қаласында болып өткен «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити ҳәм Климат форумының унамлы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақында регионда өткерилген ушырасыўлар, соның ишинде, шегараларды делимитациялаў мәселелери толық тәртипке салынғаны ҳәм Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны тарийхый әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Кейинги жылларда регион мәмлекетлери арасында товар алмасыўдың көлеми көп есеге артты, шегара алды саўда зоналары шөлкемлестирилмекте.
Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында, соның ишинде, мәмлекетлеримиз аймақларында кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Мәденият ҳәм билимлендириўде илажларға бай бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Ушырасыўда мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды және де жақынластырыў, биргеликтеги кооперациялық басламалар ҳәм жойбарларды алға қойыў, аймақлараралық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мақсетинде парламентлераралық сөйлесиўди, соның ишинде, комитетлер дәрежесинде беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА