Өзбекстан менен Беларусь арасындағы парламентлераралық бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени атап өтилди

189

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясы шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Беларусь Республикасы Миллий Мажлиси Республика Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанованы қабыллады.

Ушырасыў алдында Беларусь делегациясы басшысы Өзбекстан жетекшисине Президент Александр Лукашенконың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Көп тәреплемели Өзбекстан-Беларусь қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Товар алмасыў көлеми жедел артып атырғаны, санаат ҳәм аўыл хожалығында кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылып атырғаны, аймақлар арасындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели болып атырғаны, мәденият, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жедел парламентлераралық сөйлесиўди даўам еттириў, соның ишинде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң парламентлик қадағалаўын тәмийинлеў ҳәм өз ўақтында орынланыўына жәрдемлесиў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА