Өзбекстан Президенти Россия менен парламент тараўындағы нәтийжели бирге ислесиўди қанаатланыўшылық пенен атап өтти

Өзбекстан Ресепубликасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясында Россия делагациясына басшылық етип атырған Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенконы қабыллады.
Ушырасыў басында мәмлекетимиз басшысы Валентина Матвиенконы туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.
Федерация Кеңесиниң баслығы Өзбекстан жетекшисине шын жүректен миннетдаршылық билдирип, Россия Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Парламентлераралық байланыслар нәтийжели болып атырғаны жоқары баҳаланды.
Жоқары дәрежелерде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаў бойынша жедел бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Саўда-экономикалық шерикликтиң потенциалын тәмийинлеў, санаат кооперациясы жойбарлары ҳәм гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын қоллап-қуўталаўға айрықша итибар қаратылды.
ӨзА