Президент саўғасы – жас китапқумарларға электромобиль!

Оқыў, излениў ҳәм билимге умтылыў бәрқулла өз нәтийжесин береди. Бүгин бул гәп өз дәлилин және бир мәрте тапты. «Жас китапқумар» таңлаўының 2024-2025-жылғы мәўсими жеңимпазлары ҳақыйқый әрманға айланған сыйлық – Президент саўғасы BYD Chazor электромобильлерине ийе болды!
Қуўанышлысы – барлық жеңимпазлар қызлар!
Бул болса тек ғана олардың билимге болған умтылысы емес, ал китаптың қызлар турмысында тутқан орнының қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди. Өзбекстанның түрли аймақларынан келип шыққан бул жеңимпаз қызлар пүткил жасларға илҳам дәреги болды.
15-19 жас категориясында жеңимпазлықты қолға киргизген Уғылжайран Халдурдиева Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы, «Келтеминар» мәҳәллесинен. Китап оқыўды сүйетуғын, бәрқулла излениўшең бул қыз Президент саўғасына мүнәсип деп табылды.
Улжайранның әкеси – Суюнов Абажан, жеке исбилермен. Дийқаншылық пенен шуғылланады.
Дилбархан Ҳайдарова – Ташкент қаласы «Боз» мәҳәллесинен 10-14 жас категориясы жеңимпазы. Әкеси Боранов Фирузбек, есапшы.
Мафтуна Очилова – Хорезм ўәлаяты, «Нурли ҳаёт» мәҳәллесинен 20-30 жас категориясы жеңимпазы. Анасы Очилова Дилдора, пенсияда.
Китап оқыўдан шаршамаған, излениўден тоқтамаған жаслар бәрқулла жеңимпаз!
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы