Қатар Шўро кеңесиниң баслығы менен ушырасыў болып өтти

216

Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келден Қатар Шўро кеңеси Баслығы Ҳасан бин Абдуллоҳ Ал-Ғаним басшылығындағы делегация Олий Мажлис Сенатына барды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық қатнасықларды және де раўажландырыў мәселелери додаланды.


Тәреплер Өзбекстан ҳәм Қатар парламентлераралық дослық топарларының жумысын және де жанландырыў, жоқары дәрежеде ерисилген еки тәреплеме келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў ҳәм нызамшылық тараўында тәжирийбе алмасыўды даўам еттириўге келисип алды.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы