Исаков Руслан Узакбаевичтиң филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында
509

Исаков Руслан Узакбаевичтиң 10.00.08 – Фольклортаныў қәнигелиги бойынша «Қарақалпақ халық дәстанларында перзентсизлик темасы батырдың кәраматлы туўылыўы мотивлери: генезиси, типологиясы» темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертациясын қорғаўы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.02/25.08.2021.Fil.137.01 санлы Илимий кеңестиң 2025-жыл 18-апрель күнги саат 15:00 деги мәжилисинде болып өтеди.
Мәнзил: 230100, Нөкис қаласы, Бердақ гузары 41-жай, Тел: (+99861) 222-85-47, факс: (99861) 222-85-47; email: kk gumanitar@mail.ru
Қарақалпақстан хабар агентлиги