Өзбекстан Президенти Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы бирге ислесиўин беккемлеў бойынша жаңа басламаларды алға қойды

182

4-апрель күни Самарқанд қаласында Президент Шавкат Мирзиеёвтиң басшылығында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити болып өтти.

Илажға Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта, Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм Европа инвестиция банкиниң басшылары қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды.

Инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм товар алмасыўды көбейтиў, инновациялар, «жасыл» энергетика, таў-кән, аўыл хожалығы, транспорт, логистика ҳәм санластырыў тараўларында биргеликтеги бағдарлама ҳәм кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў, мәденият, туризм, илим ҳәм билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда жедел алмасыўларды даўам еттириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы илажды ашып, Орайлық Азия ҳәм Европа арасындағы терең тарийхый тамырларға ийе қатнасықлар жедел раўажланып, беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Саммит алдында болып өткен конструктивлик ҳәм нәтийжели ушырасыўлар еки регионның мәплери жолында шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге болған сиясий ерк-ықрар ҳәм исенимди көрсетти.

Президентимиз Европа Аўқамының тийкарғы сиясий ҳәм экономикалық институтлары басшыларына Орайлық Азияда интеграция ҳәм турақлы раўажланыў процесслерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, улыўмалық сиясий ерк-ықрар себепли Орайлық Азиядағы терең трансформация процесслери турақлы ҳәм изге қайтпас түрге енди. Исеним ҳәм жақсы қоңсышылық беккемленбекте, кең көлемли бирге ислесиў ҳәм кооперациялық байланыслар кеңеймекте.

– Буннан жети-сегиз жыл алдын оның ушын ҳәттеки шараят да жоқ еди. Айырым мәмлекетлер арасындағы шегаралар жабық еди. Я саўда, я транзит, я бизнес, ҳеш қандай гуманитар алмасыўлар жоқ еди. Қатнасықлар музлатып қойылған еди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Быйыл сентябрь айында Ташкентте региондағы мәмлекет басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы өткериледи. Бул бирге ислесиў форматы улыўмалық күн тәртибиндеги барлық әҳмийетли ўазыйпаларды ашық ҳәм конструктив шешиўге хызмет етпекте.

Өзбекстан жетекшиси күни кеше тарийхый ўақыя – Қырғызтан ҳәм Тәжикстан арасындағы Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў мәселелери толық тәртипке салынғаны ҳәм келисимлерге қол қойылғанын айрықша атап өтти.

Ҳәзирги күнде регионда ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар биргеликте әмелге асырылып атырғаны, оларды қоллап-қуўатлаў ушын инвестициялық фондлар ҳәм компаниялар жумыс алып барып атырғаны атап өтилди. Регион ишиндеги саўда көбеймекте, шегараалды саўда зоналары шөлкемлестирилмекте. Булардың барлығы регионның турақлы экономикалық раўажланыўына хызмет етпекте.

ЕТРБ прогнозларына бола, усы жылы регионаллық жалпы ишки өним көлеми 6 процентке шекем артады, бул басқа регионлардағы орташа көрсеткишлерден сезилерли дәрежеде жоқары.

Улыўма регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў алмасыўын қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги жумыслар айрықша атап өтилди. Еллеримизде жетекши миллий билимлендириў мәкемелериниң филиаллары ашылмақта. Сырт ел туристлери ушын бирден-бир Орайлық Азия визасы жойбары әмелге асырылмақта.

Регион ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени бақланбақта. Соңғы жети жылда мәмлекетлер арасындағы товар алмасыў көлеми бир неше есеге өсип, 54 миллиард евроны қурады. Нәтийжели бирге ислесиў платформалары иске қосылды. Барлық әҳмийетли бағдарлар бойынша министрлердиң мәжилислери, форумлар ҳәм саммитлер турақлы өткерип келинбекте.

Өзбекстан жетекшиси орта ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың баслы бағдарлары бойынша өз қөзқарасын билдирди.

Бәринен бурын, сиясий сөйлесиўди, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарларын беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында қабыл етилип атырған ҳүжжет қағыйдаларын әмелге асырыўға қаратылған комплексли илажларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Стратегиялық шерикликти анық қарарлар, жойбар ҳәм бағдарламалар менен байытыў мақсетинде еки регионымыз арасында шериклик ҳәм бирге ислесиў бойынша толық Келисимге қол қойыў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан Президенти халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша улыўмалық позицияларды ислеп шығыў ушын сыртқы сиясат уйымлары басшыларының ушырасыўларын турақлы өткерип барыў; парламентлераралық байланысларды жеделлестириў ҳәм «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» парламентлераралық бирге ислесиў форумын шөлкемлестириў ҳәм оның биринши илажын быйыл гүзде Өзбекстанда өткериў; жетекши аналитикалық орайлардың бирге ислесиўин кеңейтиўди усыныс етемиз.

Келисимлерин өз ўақтында әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша системалы ислесиў мақсетинде гезектеги мәжилиске шекем саммит секретариаты функциясын Өзбекстан өз мойнына алыўға таяр екенлиги билдирилди.

Экономика ҳәм технологиялық модернизацияға инвестициялар киргизиў өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы өлшеми сыпатында белгиленди.

Ҳәзирги күнде Европаның жетекши компания ҳәм банклери менен әмелге асырылып атырған жойбарлар портфели 30 миллиард евродан асты.

Гезектеги Ташкент инвестиция форумы шеңберинде еки регионның инвестициялық имканиятларына бағышланған өз алдына сессия өткериў ҳәм Европа компаниялары ушын Өзбекстанда Регионаллық санаат паркиниң концепциясын таныстырыў усыныс етилди.

Күни кеше Ташкент қаласында Европа инвестициялық банк офисин ашыў ҳаққында келисимге қол қойылғаны, бул ЕА мәмлекетлеринен Орайлық Азияға тиккелей инвестициялар ағымын қоллап-қуўатлаўға хызмет ететуғыны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы «жасыл» энергетика, инновациялар, транспорт, инфраструктура ҳәм аграр тараўдағы ири регионаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын Инвестиция платформасын иске қосыў басламасын алға қойды.

Буннан тысқары, Өзбекстан Президенти бир қатар басқа да басламаларды айтты. Инвестицияларды қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққында көп тәреплеме келисимге қол қойыў, «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биргеликтеги саўда палатасын иске қосыў, Киши ҳәм орта бизнес, ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги регионаллық бағдарламаны қабыллаў усылардың қатарына киреди.

Усы жылы Өзбекстан Транспорт байланыслылығы бойынша гезектеги экономикалық форум ҳәм Инвесторлар форумын өткериўге таяр.

Экспортшыларымыздың имканиятын арттырыў, стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў лабораториялары ҳәм орайларын шөлкемлестириў ушын Европа Аўқамының техникалық жәрдемин кеңейтиў мәселелрине де итибар қаратылды.

Стратегиялық минерал ресурслар тараўында бирге ислесиў ҳәм инвестицияларды тереңлестириў өз-ара пайдалы шерикликтиң және бир перспективалы бағдары сыпатында атап өтилди.

Өзбекстан бул бағдарда Европаның жетекши компаниялары менен бирге ислесиў бойынша унамлы тәжирийбеге ийе. Соның менен бирге, бул өнимлерди, сондай-ақ, таяр санаат ҳәм аўыл хожалығы товарларын Европа базарына жеткерип бериў ушын нәтийжели транспорт жолларының жоқ екенлиги бул бағдардағы шерикликти кеңейтиўге тосқынлық етпекте.

Усы мәниде, Транскаспий транспорт жолын кеңейтиў ҳәм оннан пайдаланыў ушын муўапықластырылған илажлар ҳәм қолайлы шараятларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Бул ўазыйпалар «Глобал дәрўаза» улыўма европа бағдарламасының мақсетлерине толық сәйкес келетуғынына исенемен,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мақсетте Евроаўқам қәўендерлигинде усы жөнелисте жайласқан мәмлекетлер транспорт министрлериниң ушырасыўын шақырып, өз-ара келисилген қатнасларды ислеп шығыў усыныс етилди.

«Жасыл» энергетика ҳәм экологиялық турақлылыққа инвестиция киргизиў стратегиялық әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Орайлық Азиядан Европаға электр энергиясын жеткерип бериў бойынша халықаралық жойбарды толық қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимизде 2030-жылға шекем энергия балансында қайта тиклениўши энергия үлесин 54 процентке жеткериў, 24 мың мегаватт «жасыл» қуўатлықларды иске қосыў режелестирилген.

«Таза» энергия бойынша «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» шериклигиниң жолға қойылыўы менен өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли платформасы жаратылыўы мүмкин.

Жойбарларды қаржыландырыў  ҳәм «углерод кредитлери» базарын раўажландырыў мәселелерин ислеп шығыў ушын тийисли уйымлардың басшылары дәрежесинде жумысшы топар дүзиў усыныс етилди.

Инсан капиталына қаратылып атырған инвестициялар еки регионның бирге ислесиўин раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Жоқары тәжирийбели қәнигелер таярлаў бойынша «Эразмус плюс» бағдарламасы шеңберинде регион еллери ушын арнаўлы квоталар енгизилиўи усы мақсетке ерисиўге хызмет етеди.

Буннан тысқары, Орайлық Азия мәмлекетлери менен илимий-билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстанда «Горизонт-Европа» бағдарламасы офисин ашыўға таяр.

Жасалма интеллект,, «үлкен мағлыўматлар», санластырыў ҳәм космослық изертлеўлер тараўында илимий-технологиялық алмасыў бойынша биргеликте бағдарлама ислеп шығыў басламасы алға қойылды.

Өзбекстан Президенти регион еллерин Европаның санлы билимлендириў тараўындағы Ҳәрекетлер бағдарламасына киргизиў, сондай-ақ, жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы шерикликтиң «жол картасы»н әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирди.

Европалы қәнигелердиң қатнасыўында «Ләзги» миллий балетиниң сахналастырылғаны, сондай-ақ, Европаның ең ири музейлеринде Орайлық Азия тарийхый мийрасы көргизбелери шөлкемлестирилгени мәденият тараўындағы бирге ислесиўдиң жарқын үлгиси болып есапланады.

Дүнья аудиториясын регионымыздың бай мәденияты менен таныстырыў бағдарындағы ҳәрекетлердиң даўамы сыпатында Самарқандта болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясынан Орайлық Азия халықларының көркем өнерин үгит-нәсиятлаўда белсене пайдаланыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Усы жылы Бухарада «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши туризм форумын өткериў де режелестирилген.

– Европа Аўқамы мәмлекетлериниң тәжирийбесин енгизиў тийкарында «Бир тур – бир регион» концепциясын әмелге асырыў, сондай-ақ, регионымыз туристлери ушын виза режимин әпиўайыластырыў мәселесин көрип шығыўда европалы шериклеримиздиң жәрдемине сүйенемиз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Терроризм, экстремизм, радикализм, кибержынаятшылық, наркотрафик ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе.

Европалы бирге ислесиўшилердиң терроризмге қарсы гүрес мәселелери бойынша сөйлесиўди жолға қойыў усынысы қоллап-қуўатланды.

«ВОМСА» ҳәм «CADAP» бағдарламалары шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди, сондай-ақ, Аўғанстанда тыныш раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы алға қойылған баслама ҳәм келисимлерди әмелге асырыў механизмлерин енгизиў мақсетинде Бас министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде «Орайлық Азия – ЕА» форматында Шериклик комитетин шөлкемлестириў ҳәм ҳәр жылы ушырасыўлар өткериўди усыныс етти.

Саммит соңында еки регион арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыўды нәзерде тутыўшы Биргеликтеги декларация қабыл етилди.

ӨзА