Сенатта Швеция менен парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў мәселелери додаланды
156

Усы жыл 4-апрель күни Сенат Баслығы Танзила Норбоева Швеция Патшалығы парламенти (Риксдаг)ниң Вице-спикери Юлия Кронлид пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў мәселелери көрип шығылды.
Сондай-ақ, парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў ушын өз-ара сапарларды және де жеделлестириў, нызам орынланыўы тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм парламент комитетлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекеттиң парламент комитетлери ҳәм жергиликли Кеңеслер арасында сөйлесиўди жетилистириўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги