«Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити бойынша баспасөз ушын билдириў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында өтип атырған «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити илажлары ҳаққында ғалаба хабар қураллары ушын баянат берди:
«Биз Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүрметли Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң басшылығында Европа Аўқамы ҳәм регионымыз жетекшилери қатнасыўында өтип атырған тарийхта биринши «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» саммитин қабыл етип атырғанымыздан қуўанышлымыз. Бундай үлкен ҳәм әҳмийетли халықаралық илажды қабыл етиў бизге мақтаныш бағышлайды.
Бул тарийхый илаж дүнья цивилизациясының ең әййемги орайларынан бири – Самарқанд қаласында өтип атырғаны рәмзий мәниге ийе. Әсирлер даўамында Уллы Жипек жолының бул уллы қаласы Шығыс ҳәм Батыс арасындағы көпир, ағартыўшылық, илим ҳәм саўда орайы болып, тек ғана халықаралық байланысларды раўажландырыўға үлес қосып қоймай, тарийхта да мәңги из қалдырған.
Мине, бүгин регионымыз ҳәм Европа Аўқамының жетекшилери Самарқандта жыйналып, саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалап атырғаны Самарқанд өзиниң сиясат ҳәм саўда орайы сыпатындағы орнын қайта тиклеп атырғанынан дерек береди.
Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў ҳәзирги күнде пүткиллей жаңа пәтке ийе. Экономикадан баслап мәдениятқа шекемги барлық бағдарларда бирге ислесиў жеделлести, биргеликтеги сөйлесиў майданлары жедел ислемекте, заманымыздың әҳмийетли машқалаларын шешиў бойынша биргеликтеги қатнаслар ислеп шығылмақта.
Усы мәниде, бул саммит қатнасықларымызда әҳмийетли басқыш болады. Самарқандтағы ушырасыў нәтийжелери бирге ислесиўимизди және де раўажландырыўымыз ушын жаңа перспективалар ашыўы сөзсиз.
Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў беккемленип атырғаны, оны және де кеңейтиўге исенимли умтылыс қәлиплескенинде, әлбетте, ҳүрметли Президентимиздиң хызмети үлкен, бул мәмлекетимиз басшысының ақылға уғрас ҳәм узақты гөзлеп алып барып атырған сыртқы сиясатының нәтийжеси болып есапланады.
Ерисилген тийкарғы жетискенликлер бул – Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы товар алмасыў көлеми 6 миллиард евродан асты (2020-жылдан берли 2 есеге өсти), Өзбекстан өнимлери экспорты 2020-жылға қарағанда 4 есеге көбейди, биргеликтеги кәрханалар саны 1 мыңнан асты. Европаның жетекши компаниялары «жасыл» энергетика, инфраструктура, жеңил санаат, оғада әҳмийетли шийки зат ресурсларын қайта ислеў тараўларында бир қатар ири кооперациялық жойбарларды әмелге асырмақта.
Бүгин басланған саммит узақ жылларға мөлшерленген жаңа бағдарлар ҳәм үлкен мақсетлерди белгилеп береди. Бул ҳаққында сөз болғанда, Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықлар динамикасы, ҳәзирги күн тәртиби ҳәм перспективаларын Мәмлекетимиз басшысы «Евроньюс»ке берген эксклюзив интервьюсинде толық таллап бергенин атап өтиўди қәлер едим.
Саммиттиң биринши күнинде болып өткен ўақыяларға тоқтап өтпекшимен. Барлық қатнасыўшы делегациялар Самарқандта жыйналды.
Кеше Европа кеңесиниң президенти Антониу Кошта, бүгин Еврокомиссия президенти Урсула фон дер Ляйен ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов мәмлекетимизге келди.
Мәмлекетимиз басшысы Европа Аўқамы жетекшилери Антониу Кошта ҳәм Урсула фон дер Ляйен ханым менен өз алдына ушырасыўлар, кейин биргеликтеги қурамда сөйлесиўлер өткерди.
Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономика ҳәм инвестиция тараўларында және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
ЕАның бас институтларының басшылары Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар бағдарламасын, сондай-ақ, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шерикликти беккемлеў бағдарындағы сиясатты жоқары баҳалады ҳәм исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Тәреплер инновациялар, «жасыл» энергетика, таў-кән тармағы, аўыл хожалығы, транспорт, логистика, санластырыў ҳәм басқа бағдарларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.
Арамызда беккемленип баратырған дослық ҳәм көп тәреплемели шерикликтиң белгиси сыпатында Президентимиз ҳәм Европа Аўқамы жетекшилери биргеликте терек екти.
Саммиттиң исбилерменлик бағдарламасы да бар. Оның шеңберинде Президентимиз Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо менен ушырасты.
Буннан тысқары, Өзбекстан – ЕА сөйлесиўлери шеңберинде Европа инвестиция банкиниң регионаллық офисин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул абырайлы қаржы институты ўәкилханасының Ташкентте ашылыўы мәмлекетимизди халықаралық қаржы хабына айландырыўға әҳмийетли қәдем болады.
Президентимиз туўысқан қоңсыларымыз – Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан президентлери менен ушырасты, еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм ертеңги саммитке байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалап алды.
Саммиттиң тийкарғы илажлары ертең болып өтеди. Бул тиккелей, Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары ҳәм Европа Аўқамы жетекшилериниң мәжилиси. Онда экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў, транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылық, турақлы раўажланыў ҳәм экология, гуманитарлық бирге ислесиў сыяқлы кең көлемли мәселелер додаланады.
Соңында саммиттиң ең әҳмийетли нәтийжеси – Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында конструктивлик сөйлесиўди кеңейтиўге, барлық бағдарлардағы бирге ислесиўге күшли пәт бағышлап, қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығатуғын Самарқанд декларациясы қабыл етилиўи күтилмекте.
Соң делегациялар басшылары Самарқанд климат форумының жалпы сессиясында қатнасады. Тийкарғы итибар экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылады.
Бул илажлар шеңберинде мәмлекетимиз басшысы бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди».
ӨзА