Конституция – ғәрезсизлик ҳәм раўажланыў кепили

71

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланып, онда түрли тараўлардың ўәкиллери, рәсмий шахслар ҳәм билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, Конституциямызда белгиленген нормалардың турмысымызда тутқан орны, сондай-ақ, соңғы жыллары билимлендириў тараўында, атап айтқанда, жаслардың жоқары билим алыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, илажда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов шығып сөйлеп, Конституцияның қабыл етилиў тарийхы, оған киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында мағлыўмат берди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Торебеков болса елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында айтып өтти. Ол «Инсан қәдири ҳәмме нәрседен уллы» принципине әмел етиў зәрүрлигин атап өтти.

Илаж даўамында Конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгини ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендиретуғын тийкарғы нызам екени атап өтилди. Конституциямыз демократиялық реформаларды әмелге асырыўда, нызамшылық тийкарларын жаратыўда бас ҳуқықый тийкар екенлиги, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин кепиллеўде әҳмийетли орын иелейтуғыны атап өтилди.

Шығып сөйлегенлер жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы менен қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм жаслардың ҳуқықый билимлерин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берди.

Бул салтанатлы күн ҳәр бир пуқара ушын оғада әҳмийетли есапланады. Себеби Конституциямыз – ғәрезсизлигимиздиң беккем ҳуқықый таянышы, пуқаралар ҳуқықларының тийкарғы кепили болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги