Өзбекстан – Европа аўқамы өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықлары және де кеңейеди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммитинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен менен сәўбетлести.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары бойынша пикир алысылды ҳәм 4-апрель күни болып өтетуғын регионлараралық саммит ҳәм климат форумына байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Соң мәмлекетимиз басшысы Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономика ҳәм инвестиция тараўларында және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Түрли дәрежелердеги жедел сөйлесиўлер ҳәм пайдалы алмасыўлар, әмелий бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлери шеңберинде нәтийжели жумыслар алып барылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўға таярланбақта.
Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта. Европаның жетекши компанияларының қатнасыўындағы инвестиция жойбарлары портфели 30 миллиард евродан асламды қурамақта. Мәмлекетимиз Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң ири бенефициары есапланады, Ташкент қаласында Европа инвестиция банкиниң регионаллық ўәкилханасы ашылмақта.
Европа Аўқамының бас институтларының басшылары Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған экономикалық реформалардың бағдарламасын, сондай-ақ, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шерикликти беккемлеў бағдарындағы сиясатты жоқары баҳалады ҳәм исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар инновациялар, “жасыл” энергетика, таў-кән тармағы, аўыл хожалығы, транспорт, логистика, санластырыў ҳәм басқа бағдарларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм кооперация жойбарларын алға қойыўға қаратылды.
Туризм, мәденият, илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Болажақ “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” форматындағы биринши жоқары дәрежедеги саммит күн тәртибиндеги мәселелер ҳәм Европаның “Глобал дәрўаза” стратегиясы шеңберинде еки регионның өз-ара байланыслылығынқты күшейтиў перспективалары додаланды.
Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, Аўғанстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына жәрдем бериў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйенниң қатнасыўында мәмлекетимизде Европа инвестиция банкиниң регионаллық офисин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
1958-жылы шөлкемлестирилген Европа инвестиция банки Европа Аўқамының жетекши қаржы институты болып есапланады.
Офистиң Ташкент қаласында ашылыўы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, Өзбекстанда ҳәм улыўма Орайлық Азияда “жасыл” экономика, инновациялық санаат ҳәм заманагөй инфраструктураны раўажландырыўға тартылып атырған инвестициялардың көлемин арттырыў имканиятын беретуғынын атап өтиў зәрүр.
Жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Европа сөйлесиўлери жуўмағында биргеликте терек егиў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа коммисиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен Самарқанд қаласындағы Конгресс орайы қыябанында еки түп емен екти.
Нәл егиў мәресими Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында дослық, көп тәреплемели бирге ислесиў ҳәм шериклик қатнасықлары барған сайын беккемленип атырғанының және бир белгиси болды.
Соң мәмлекетимиз басшысы менен биргеликте Антониу Кошта ҳәм Урсула фон дер Ляйен Самарқанд халықаралық туризм орайындағы “Мәңги қала” тарийхый-этнографиялық комплексинде болды.
Мийманларға халқымыздың бийтәкирар көркем өнер, өнерментшилик ҳәм музыкалық мәденияты көрсетилди.
***
Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд саммитинде қатнасыў ушын елимизге келген Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) президенти Одиль Рено- Бассо менен де ушырасты.
Сөйлесиўде мәмлекетимиздиң усы абырайлы халықаралық қаржы институты пенен кең көлемли бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әмелий тәреплери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тийкарғы тармақлардағы биргеликтеги жойбарлар портфели турақлы кеңейип бармақта. Банктиң мәмлекетимиздиң экономикасына киргизген улыўма инвестициялары 5 миллиард евродан артты, соның ишинде, өткен жылдың жуўмақларына бола дерлик 1 миллиард евроны қурады. Қаржылай жәрдемниң тийкарғы бөлеги жеке меншик секторға туўра келмекте.
Мәмлекетимиз бойынша орта мүддетли Шериклик стратегиясы нәтийжели әмелге асырылмақта. ЕТРБ экспертлериниң жәрдеминде банк тараўын трансформациялаў ҳәм бизнес ушын имканиятларды кеңейтиў илажлары көрилмекте.
Ушырасыўда жойбарлардың орынланыў сапасын жақсылаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша биргеликтеги жумыслар өз нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди. Процесслерди оптималластырыў ҳәм жойбарларды таярлаўды тезлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын, соның ишинде, билимлендириў, суў тәмийнаты, турмыслық шығындыларды қайта ислеў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болды.
«Жасыл» экономика, углерод шығындыларын азайтыў, санластырыў ҳәм жасалма интеллект, ипотека базары, транспорт коммуникацияларын раўажландырыў ҳәм басқа тараўлардағы бағдарлама ҳәм жойбарлар бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.
Усы жыл июнь айында Ташкент халықаралық инвестиция форумы ҳәм Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша пикир алысылды.
Зиёдулла Жонибеков,
Ғолиб Ҳасанов,
ӨзАның хабаршылары