«Google» балалар ушын арнаўлы жасалма интеллект хызметин иске қосады

194

«Google» компаниясы «Gemini» жасалма инттелект хызметиниң балалар ушын арнаўлы версиясын иске қоспақшы. Бул ҳаққында «Android Authority» хабар берди.

Қәнигелер чат-ботының балалар ушын нейрон тармақлар арқалы хызметлерди иске қосыў имканиятын усыныс еткен. «Gemini» әлле қашан жас пайдаланыўшылар ушын ҳәр қыйлы ўазыйпаларды орынлап келмекте, бирақ жаңа версия өзиниң киши жастағы пайдаланыўшыларға бейимлескен шеклеўлери менен ажыралып турады.

Бул хызмет қандай усыныс етилиўи ҳәзирги ўақытта анық емес. Болжаўларға бола, «Google» есап жас балаға тийисли болса сервис автомат түрде жағылады.

Бундай өзгерис олардың тәрбиялық ҳәм руўхый жағдайын есапқа алған ҳалда әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги