Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити болып өтеди

207

Бүгин, 3-апрель күни бул саммитке қатнасыў ушын Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев  елимизге келди.

Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Буннан соң Қазақстан Республикасы Президенти сапар етиў бағдарламасына муўапық, гезектеги мәнзилге жөнеп кетти.