Пайда салығындағы өзгерислер

146

Салық комитети 2025-жылы пайда салығындағы өзгерислер бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилиўинше, товар (жумыс, хызмет)лардың электрон саўдасын әмелге асырыўшы салық төлеўшилер ушын пайда салығының ставкасы – 10 процент етип белгиленди. Алдын 7,5 процент еди.

Товар (жумыс)ларды экспортқа реализациялаўдан алынған пайда ушын 0 процентлик ставкадағы салық бийкар етилди.

Улыўма қуўатлығы 100 кВтға шекемги қайта тиклениўши энергия дереклери (ҚТЭД) қурылмаларынан пайдаланған ҳалда улыўмалық тармаққа электр энергиясын реализациялаўдан алынған пайда 0 процентлик ставкада салыққа тартылады.

Ставкада ҚТЭД қурылмалары иске қосылған айдан баслап 3 жыл даўамында қолланылады. Қуяш панеллери қуўатлықтың кеминде 25 процент муғдарында электр энергиясын топлаў системасы менен қуяш панеллери орнатылғанда – бул панеллер иске қосылған айдан баслап 10 жыл даўамында қолланылады.

Ш.Маматуропова,

ӨзА