Кибержынаятшылық, терроризм, экономикалық жынаятлар ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиў раўажланады

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен патшалығының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тимоти Смарт пенен ушырасты.
Тәреплер еки мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары арасында ҳуқықый тараўда қәлиплескен қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, нызамлылық ҳәм ҳуқық қорғаўды беккемлеўде бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың келешектеги перспективаларын додалады.


Атап айтқанда, кибержынаятшылық, терроризм, экономикалық жынаятлар ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықтың басқа түрлерине қарсы гүресиў тараўларында өз-ара қатнасықларды және де раўажландырыў бағдарында келисимге ерисилди.
Ушырасыў қатнасыўшылары болып өткен сөйлесиўдиң ҳуқықый тараўда бирге ислесиў байланысларының беккемлениўине жаңа түртки болатуғынына исеним билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА