Жаслар форумы: келешекке исеним қәдемлер

76

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында әҳмийетли илажлардан бири – Республикалық Жаслар форумының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Бул форум жаслардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын раўажландырыў, оларды илим, исбилерменлик ҳәм инновацияларға бағдарлаўға хызмет етеди.

Салтанатлы мәресимди филиал директоры, профессор А. Есимбетов ашып берди. Илажда, сондай-ақ, ҳүрметли мийманлар – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Отемуратов, Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары А.Акбаров, Комитеттиң Илим ҳәм билимлендириў тараўын раўажландырыў басқармасының баслығы А.Сафаров, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректор А.Гаппаров қатнасты.

Форум шеңберинде жаслар түрли пән олимпиадалары, дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық таңлаўларда қатнасып, өз билим ҳәм шеберликлерин сынақтан өткериў имканиятына ийе болды. Сондай-ақ, илимий-инновациялық жойбарлардың презентациялары, стартап бағдарламалары, мастер-класслар ҳәм семинарлар шөлкемлестирилди.

Илаж шеңберинде елимиздиң түрли аймақларына тән миллий тағамлар көргизбеси де өткерилди. Мийманлар дәстүрий тағамлардың бийтәкирар дәмин татып көрип, олардың тарийхы ҳәм таярланыў усыллары менен танысыў имканиятына ийе болды. Әсиресе, қазанда писирилген сүмелек үлкен қызығыўшылық оятты.

Пайтахтымыздағы Жаслар орайы имаратында Республикалық Жаслар форумы шеңберинде әҳмийетли илажлардан бири – «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Сондай-ақ, пикир-талас таңлаўы, сүўретшилик, театр, интеллектуаллық ҳәм спорт жарыслары өткерилди.

Форумның ең толқынландырыўшы ўақыяларынан бири – Республикалық пән олимпиадасының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Быйылғы олимпиадада 33 қәбилетли жас қатнасып, 1-орынды ийелеген жеңимпазларға алтын медаль ҳәм баҳалы саўғалар, 2-орын ийелерине гүмис медаль ҳәм естелик саўғалары, 3-орын ийелерине болса қола медаль ҳәм хошаметлеўши саўғалар тапсырылды.

Форумның сыйлықлаў мәресими Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өтти. Форум шеңберинде шөлкемлестирилген мәдений бағдарлама қатнасыўшыларда умытылмас тәсир қалдырды. Белгили қосықшылардың концерт бағдарламасы форумға және де көтериңки кейпият бағышлады.

Республикалық жаслар форумы жаслардың билим, илим, исбилерменлик ҳәм дөретиўшилик тараўында өз талантларын көрсетиўи ушын үлкен майдан болып хызмет етти.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы