Альцгеймер кеселлигин 92 процент анықлаў имканияты жаратылды

120

Сент-Луистағы Вашингтон университетинде инновациялық технология жаратылды – қан тексериўи тек ғана Альцгеймерди анықлап қоймастан, кеселликтиң дәслепки басқышын да жоқары анықлық пенен белгилеў имканиятын береди.

Изертлеўлерде сүўретленген диагноз тести нерв клеткаларында әҳмийетли жумыс атқаратуғын тау белогы болады – МТВR-243 пептид араласыўын анықлаўға тийкарланған. Зыянланған молекула Альцгеймердиң тийкарғы өзгешелиги екени белгили. Илимпазлар алдын мий омурилик суйықлығындағы  MTBR-243 дәрежеси ҳәм кеселлик раўажланыўы арасындағы байланыслылықты анықлады. Жаңа қолланба бул пепидтиң қандағы концентрациясын өлшеў имканиятын береди. Бул диагноз қойыўды сезилерли дәрежеде жеңиллетеди, қәўип итималын жоқ етеди, процесстен пайдаланыў имканиятын арттырады.

Кеселликтиң ҳәр қыйлы басқышларын басынан өткерип атырған 163 наўқас қатнасқан сынақ ойлап табыўшының жоқары анықлығын тастыйықлады. Қанда MTBR-243 араласыўы кеселликтиң раўажланыўы менен тезлеседи. Нәтийжеде стандарт дәрежеде шама менен 200 есе жоқары болады. Бул мағлыўматты таллаў арқалы Альцеймердиң басқышын 92 процент анықлықта белгилеў мүмкин.

Бул жаңалық диагноз процесин әпиўайыластырып, қәрежетти сезилерли дәрежеде азайтады. Шыпакерлерге кеселликти дәслепки басқышларда-ақ нәтийжели емлеў усылларын таңлаўға жәрдем береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги