Балаларды жазадан шетлетиў ҳәм тиклеўши әдил судлаў бойынша семинар

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм оның аймақлық структуралары ушын UNICEF пенен биргеликте балаларды жазадан шетлетиў, қамаққа алыўға альтернатив усыллар ҳәм тиклеўши әдил судлаў темаларына бағышланған семинар болып өтти.
Семинарда СҚМА директорының орынбасары С.Абдуллаев, ўәлаят ҳәм район структураларының хызметкерлери, Социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў орайы, Социаллық инспекция, сондай-ақ, UNICEF ўәкиллери ҳәм халықаралық экспертлер қатнасты.

Семинар даўамында Ренате Винтер (БМШ Бала ҳуқықлары бойынша комитетиниң бурынғы баслығы) ҳәм профессор Иво Аерцен (“Leyden” университети) өз презентациялары арқалы халықаралық ҳәм өз тәжирийбелерин усыныс етти.
Семинарда нызам менен келиспеўшиликте болған балалар менен ислесиўде социаллық хызметлердиң роли, еркинен айырыўға альтернатив қатнаслар ҳәм тиклеўши әдил судлаўдың әҳмийети додаланды.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА