Жалғасбай Бердимуратов салтанатлы күтип алынды

54

Жақында Иордания мәмлекетиниң Амман қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты болып өткен еди. Бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз, Қарақалпақстанның мақтанышы Жалғасбай Бердимуратов 87 кг салмақ категориясында жеңимпазлықты қолға киргизгени ҳаққында хабар берген едик.

Мәмлекетимиздиң абырайын мүнәсип қорғаған Жалғасбай Бердимуратов Нөкис халықаралық аеропортында үлкен салтанат пенен күтип алынды. Оның ҳүрметине шөлкемлестирилген илажда кең жәмийетшилик ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң хызметкерлери, тренерлер, спортшы жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Сондай-ақ, оның ата-анасы ҳәм жақынлары да қуўанышлы демлерди биргеликте белгиледи.

Илажда шығып сөйлегенлер Жалғасбайдың мийнети, пидайылығы ҳәм спортқа болған муҳаббатына тоқтап өтип, оның келешекте және де үлкен табысларға ерисиўине исеним билдирди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде спортқа көрсетилип атырған үлкен итибар ҳәм жаратылған шараятлар себепли бундай жетискенликлер саны артып атырғаны атап өтилди.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы