Өзбекстан ҳәм Иран жетекшилери еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин көрип шықты

157

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён 1-апрель күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде бирин-бири ҳәм мәмлекетлеримиздиң дос халықларын бәҳәр әййямы  Наўрыз ҳәм мүбәрек Рамазан ҳайыты – Ийд ал-Фитр менен шын жүректен қутлықлап, тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Қабыл етилген «жол картасы» тийкарында көп тәреплеме Өзбекстан-Иран қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың  әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиўлер ҳәм сапар етиўлер даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда ҳәм жүк тасыў көрсеткишлери, биргеликтеги кәрханалардың саны артпақта, пайтахтлар арасында турақлы тиккелей авиақатнаўлар әмелге асырылмақта, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.

Химия ҳәм нефть-химия тармақлары, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, қурылыс материаллары тармағы ҳәм басқа да бағдарлардағы кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жедел әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Тегеран қаласында өткерилиўи режелестирилип атырған Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, бизнес форумы ҳәм санаат көргизбесин нәтийжели шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Иран жетекшилери халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.   

ӨзА