Өзбекстан – Тәжикстан – Қырғызстан: әзелий ҳәм мәңги дослықтың жаңа символы орнатылды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 31-март күни әмелий сапар менен Хоженд қаласында болды.
Хоженд қаласының аэропортында мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон күтип алды.
Өзбекстан басшысының сапары ҳүрметине мәмлекет байрақлары көтерилди. Миллий нама-қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев дәслеп Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыў өткерди.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде еки тәреплеме дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиң жоқары дәрежеге көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
2024-жылы товар алмасыў көлеми 700 миллион доллардан асты. Санаат, энергетика, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да баслы тараўларда кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Нәтийжели аймақлараралық байланыслар ҳәм жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў жолға қойылған.
Ҳүкиметлераралық комиссияның болажақ мәжилисинде әмелий бирге ислесиў бойынша биргеликтеги жойбарларды тезлестириў илажларының ислеп шығылыўы әҳмийетли екени атап өтилди.
Жетекшилер регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, елимизде өткерилетуғын көп тәреплеме саммитлер бойынша да пикир алысты.
Сөйлесиўлер соңында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон жанында сыртқы сиясат уйымларының басшылары Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманың күшке кириўи ҳаққындағы билдириўге қол қойды ҳәм ратификация жарлықларын алмасты.
Шәртнамаға өткен жылы 18-апрель күни Душанбе қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме саммитте қол қойылған еди.
Ҳүжжет ратификация жарлықлары алмасылған күннен баслап күшке киреди.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Хоженд қаласында Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров үш тәреплеме ушырасыўда қатнасты.
Ушырасыў алдында мәмлекет басшылары бир-бирин мүбәрек Рамазан ҳайыты ҳәм бәҳәр, ояныў ҳәм жаңаланыў әййямы – Наўрыз бенен қутлықлады, дос халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Президентимиз Тәжикстан ҳәм Қырғызстан тәреплерин барлық мәселелер үзил-кесил шешилгени ҳәм Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны менен қызғын қутлықлады.
Сондай-ақ, бул ҳүжжет үш мәмлекет шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы қол қойылып атырған шәртнама турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге, пүткил регионның халықаралық абырайын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Салтанатлы түрде ашылатуғын Дослық стеласы болса туўысқан мәмлекетлер арасында беккемленип баратырған жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жаңа белгисине айланатуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Президенти әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына айрықша тоқтап өтти.
Бәринен бурын, бул жоқары дәрежедеги жедел ҳәм исенимли байланысларды даўам еттириў болып есапланады.
Усы ҳәптеде Самарқандта «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити ҳәм региондағы улыўмалық экологиялық қәўип-қәтерлерге бағышланған Климат форумы болып өтеди.
Май айында Араб қолтығы мәмлекетлери менен саммит, сентябрь айында болса Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы өткериледи.
Усы мүнәсибет пенен болажақ илажлар күн тәртибин пуқта таярлаў ҳәм улыўмалық қатнасларды ислеп шығыў ушын сыртқы ислер министрликлери арқалы турақлы мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Шегаралас аймақлардың бирге ислесиўин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Соңғы жыллары Өзбекстанның Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен товар алмасыў көлеми он еседен асламға артқаны атап өтилди. Бул көлемниң дерлик ярымы шегараалды аймақларға туўра келеди.
Соның ушын шегаралардағы бажыхана пунктлерин комплексли модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, қолайлы, заманагөй саўда ҳәм логистика инфраструктурасын қәлиплестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Үш тәреплеме саўда майданшасын шөлкемлестириў, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң турақлы жумыс алып баратуғын көргизбе-ярмаркасын жолға қойыў мәселесин үйрениў усыныс етилди.
Және бир бағдар – санаат кооперациясы жойбарлары.
Ҳәзирги күнде Өзбекстан кәрханалары ҳәм жеке меншик компаниялары қоңсы мәмлекетлерде заманагөй өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириўге жедел инвестиция киргизбекте.
Кооперацияны қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы биргеликтеги инвестиция қорларының капиталын басқышпа-басқыш арттырыўға таяр екенлигин билдирди.
Мәмлекетлер арасында транспорт байланысларын раўажландырыў бағдарындағы жумысларды даўам еттириўге келисип алынды. Бул авиақатнаўлар санын көбейтиў ҳәм географиясын кеңейтиў, шегаралды аймақлардағы қалалар арасында жаңа автобус жөнелислерин жолға қойыўды өз ишине алады.
«Жасыл» энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы ири регионаллық жойбарлар, суў ҳәм экология бағдарламаларын алға қойыў дыққат орайында болды.
Өзбекстан Президенти ҳүкиметлер экономикалық бағдарда және де жедел ислеп, халықларымыздың абаданлығын арттырыўға қаратылған оператив, реал нәтийжелер бериўи керек екенлигин айрықша атап өтти.
Усы күнлерде Хоженд қаласында бир қатар мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилип атырғаны халықларымыз, әсиресе, жаслар арасында дослық ҳәм өз-ара түсиниўди беккемлеўге хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы Наўрыз байрамы күнлеринде шегаралды аймақларда биргеликтеги концерт ҳәм дослық фестивальларын өткериўди усыныс етип, келеси жылы бундай илажларды Ферғана қаласында шөлкемлестириўге таяр екенлигин билдирди.
Ушырасыў соңында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылды ҳәм үш мәмлекет басшыларының Биргеликтеги декларациясы қабыл етилди.
Хоженд қаласында өткен жоқары дәрежедеги илажлар бағдарламасына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров үш мәмлекет шегаралары тутасқан аймақта Дослық стелласын салтанатлы түрде ашты.
Үш мәмлекет Бас министрлериниң орынбасарлары видеобайланыс арқалы мәмлекет басшыларына қурылыс жумысларының жуўмақланғаны ҳәм объект таяр екенлиги ҳаққында мәлимлеме берди.
Бул естелик туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемленип атырғанының жаңа белгиси болады.
Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында шегара мәселелериниң шешилиўи – ҳүрмет, суверенитет, теңлик ҳәм өз-ара пайда принциплерге тийкарланған көп жыллық машақатлы мийнет, қызғын қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў нәтийжеси екенин атап өтиў керек. Ол үш мәмлекет халықлары арасындағы исеним ҳәм дослық қатнасықларын беккемлеўге, олардың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет еткен ҳалда, ҳәр тәреплеме шерикликти раўажландырыў ушын пүткиллей жаңа перспективаларды ашады.
Соның менен бирге, соны айрықша атап өтиў керек, бул процессте пүткил регионның бирлесиўи үлкен роль атқарады, бул болса мәниси жағынан, пайда болып атырған машқалаларды тек ғана келисим ҳәм бир-бириниң мәплерин өз-ара ҳүрмет руўхында тәртипке салыў ушын тийкар жаратты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң белсене сыртқы сиясаты регионды жақынластырыў процесслерине әҳмийетли үлес қосты. Президент мәмлекет басшысы лаўазымына кирискен дәслепки күнлерден-ақ, Орайлық Азия регионын Өзбекстанның сыртқы сиясий жумысының әҳмийетли баслы бағдары сыпатында белгилеп берген.
Жақсы қоңсышылық ҳәм исенимди беккемлеў, ҳәзирги машқалаларды тәртипке салыў, улыўма регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық майданда жедел бирге ислесиў регионаллық сиясаттың тийкарғы ўазыйпаларына айланды.
Хоженд қаласында өткен үш тәреплеме саммит шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың ушырасыўы болып өтти.
Болып өткен үш тәреплеме сөйлесиўлердиң жуўмақлары, олардың тийкарғы нәтийжеси сыпатында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны жоқары баҳаланды.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдағы жетискенликлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми жылдың басынан берли 70 проценке артты. Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында, соның ишинде, биргеликтеги Инвестиция қоры жәрдеминде санаат кооперациясы табыслы раўажланбақта.
Энергетика ҳәм транспорт коммуникациялары тараўындағы ири регионаллық жойбарларды, соның ишинде, «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолы қурылысын жеделлестириў мәселелери додаланды.
Мәмлекет басшылары аймақлар арасындағы белсене байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Президентлер болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси ҳәм күн тәртиби бойынша да пикир алысты.
Хоженд қаласындағы саммиттиң мәдений бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекет басшылары Хоженд қаласына барып, оның тарийхы менен танысты.
Бул бийбаҳа комплекстиң қурылысы эрамыздан алдынғы IV-V әсирлерге барып тақалады. Археологиялық қазылмалар нәтийжесинде сол дәўирде биринши қала қурылғанлығы анықланған.
1999-жылы қайта оңлаў жумысларынан соң қала жанында 28 мыңнан артық экспонатты өз ишине алған үлкетаныў музейи ашылды.
Соңғы реставрация жумыслары процесинде қаланың дийўаллары, арка ҳәм дәрўазалары қайта тикленди, ҳәкимшилик имарат, өнерментшилик дүканлары қурылды, Хожендтиң әййемги ҳәўлилериниң үлгилери жаратылды.
Аймақта тәжик халқының тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы 5 көргизбе залынан ибарат комплекс қурылды. 8 ҳәўлиде өнерментлер каллиграфия, сүўретшилик, адрас тоқыў, сөзана тигиў, тас оймакерлиги, темиршилик ҳәм гүлалшылық пенен шуғылланбақта.
Мәмлекет басшылары үш елдиң өнерментшилиги, аўыл хожалығы өнимлери ҳәм миллий тағамларының көргизбесин көзден өткерип, көркем шығыўларын тамашалады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров үш мәмлекеттиң мәденият ҳәм көркем өнер шеберлериниң концертинде қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң сөзинде дос халықларды бәҳәрги жаңаланыў байрамы Наўрыз ҳәм мүбәрек Рамазан ҳайыты менен шын кеўилден қутлықлады.
– Бүгин халықларымыз ушын ҳақыйқаттан да үлкен ҳәм узақ күтилген байрам. Биз үш мәмлекет шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртанамға қол қойдық. Буннан былай шегаралар – дослық байланыслар, жаңа имканиятлар, дөретиўшилик ҳәм бирге ислесиў мәканы,-деди Президент.
Халықларымыздың муқаддес топырағы, дини, тәғдири бир, тәшўиши менен қуўанышлары, умтылысларының уқсас екени атап өтилди. Енди бул гөззал үлкени ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар мүнәсип ҳәм бахытлы жасаўы ушын биргеликте абат етиў бизиң ўазыйпамыз болып есапланады.
Кейинги жыллары улыўмалық сиясий ерк-ықрар себепли мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларда үлкен унамлы өзгерислер жүз берди.
Күни кеше Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы Аўқамласлық қатнасықлары арасындағы шәртнама күшке кирди. Жақын күнлерде Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында да усындай ҳүжжетке қол қойылады.
Саўда, инвестициялар, жүк тасыў, пуқаралардың барды-келдиси үзликсиз көбейип бармақта. Табыслы кооперация жойбарларының саны көбеймекте.
Мәдений илажлар, дөретиўшилик фестивальлар, жаслар форумлары, спорт жарысларын турақлы өткерип барыўға айрықша итибар қаратылды.
– Көркем өнер шегара билмейди, оның уллы ўазыйпасы адамларды бирлестириў. Үш мәмлекеттиң талантлы көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы бүгинги концерт те мәдениятларымыздың байлығы, рәңбәреңлиги ҳәм уқсаслығын және бир мәрте көрсетти,-деди сөзиниң соңында Өзбекстан Президенти.
Усының менен мәмлекетимиз басшысының Тәжикстан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.
Аэропортта Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон шығарып салды.
ӨзА