«Мениң Аралдағы бағым» акциясы

75

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти ҳәм белсенди жаслары «Мениң Аралдағы бағым» акциясы шеңберинде Мойнақ районында болып, Арал теңизиниң қурыған ултанына сексеўил нәллерин егиў ҳәм илимий-изертлеў жумысларын алып барды. Бул баслама экологиялық апатшылықларға қарсы гүресиў, тәбийғый ресурсларды тиклеў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Акция шеңберинде университеттиң Биоэкология илимий лабораториясы әсбап-үскенелери жәрдеминде ҳаўа ҳәм топырақ қурамы талланды. Сондай-ақ, климат шараятын жақсылаў ҳәм топырақты беккемлеў мақсетинде сексеўил нәллери отырғызылды. Сексеўил – қурғақшылық аймақларда тез өсип, топырақты беккемлеў ҳәм ҳаўаны тазалаўда әҳмийетли роль атқаратуғын өсимлик болып есапланады. Оның тамыр системасы топырақты ығаллық ҳәм азықлық затлар менен тәмийинлеп, экосистеманың тиклениўине жәрдем береди.

Илажда қатнасқан жаслар тек ғана сексеўил егиў емес, ал илимий изертлеўлер алып барыў арқалы экологиялық жағдайды жақсылаўға үлес қосты.

«Мениң Аралдағы бағым» сыяқлы басламалар экологиялық мәдениятты раўажландырыў ҳәм жаслардың қоршаған орталықты қорғаўға болған итибарын күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги