Өзбекстан – Қазақстан: стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары избе-из раўажланбақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым –Жомарт Тоқаевтиң мирәт етиўине бола 29-март күни жоқары дәрежедеги рәсмий емес ушырасыў өткериў ушын әмелий сапар менен Алмата қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев күтип алды. Өзбекстан жетекшисиниң ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты ҳәм еки мәмлекет байрақлары көтерилди.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан – ең жақын қоңсы ҳәм аўқамлас мәмлекет болып есапланады. Олардың қатнасықлары улыўма дослық ҳәм жақсы қоңсышылық принциплери тийкарында избе-из раўажланбақта.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев “Медеу” таў-лыжа кластерине барды.

Мәмлекетимиз басшысына сел-суў тасқынларынан қорғаў мақсетинде теңизден 1750 метр бәлентликте қурылған “Медеу” плотинасының жаратылыў тарийхы ҳәм архитектуралық өзгешеликлери ҳаққында айтып берилди.
“Медеу” плотинасының төбесине 842 текшеден ибарат “Саламатлық текшеси” алып барады. 2011-жылы плотина жанында “Шымбулақ” таў-лыжа орайына апаратуғын 4,5 километр узынлықтағы тас жолы қурылған.

“Медеу” спорт комплекси 1972 жылы қурылған болып, теңиз қәддинен 1700 метр бәлентликте жайласқан.

Комплекс муз майданының бети 10,5 мың квадрат метр болып, бир ўақытта 3 мыңға шекем адамды қабыл ете алады. Ҳәр жылы оған 400 мыңнан аслам мийман барады.

Бүгинги күнде комплекс спорт, туризм ҳәм мәденият кластери сыпатында жумыс ислемекте. Спорт жарыслары, ғалаба коньки ушыў, мәдений илажлар, фестивальлар турақлы өткерип келинбекте.



2011-жылы бул жерде VII қысқы Азия ойынлары, 2017-жылы Пүткил Жер жүзилик Универсиада жарыслары өткерилген.
Танысыў ўақтында Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери жас фигуралы ушыўшылардың көргизбели шығыўларын тамаша етти.


Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Алмата қаласында рәсмий емес ушырасыў өткерди.
Еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында Өзбекстан – Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын избе-из беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Сәўбетлесиў алдында мәмлекет басшылары бир-бирин ҳәм туўысқан халықларымызды бәҳәр аййямы Наўрыз ҳәм жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Барлық дәрежелерде жедел сөйлесиўлер алып барылмақта. Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 14 процентке артты, улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан аслам инвестиция жойбарларының портфели қәлиплестирилди, тығыз аймақлараралық қатнасықлар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў раўажланбақта.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан Бас министрлери орынбасарларының өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, электротехника, нефть-газ, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа тийкарғы тармақларда жетекши кәрханалардың кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққындағы есабатларын тыңлады.
Президентлер санаат кооперациясы бойынша узақ мүддетли бағдарламаны қәлиплестириў, регионаллық әҳмийетке ийе инфраструктуралық жойбарларды жеделлестириў бойынша анық тапсырмалар берди.

Быйылғы жылы Халықаралық санаат кооперациясының орайын иске қосыў бойынша әмелий жумысларын баслаў, биргеликтеги сыртқы саўда компаниясының жумысын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, жақын айларда Өзбекстанда өткерилетуғын Орайлық Азия саммитлерине таярлық бойынша пикир алысылды.
Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси де көрип шығылды.
Ушырасыў ҳәр ўақыттағыдай дослық ҳәм исшең руўхта өтти.
Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев биргеликте “AlmatyFair.ai” санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект көргизбесине барды.
Мәмлекет басшыларына усы тараўлардағы алдынғы шешимлер ҳәм инновациялық қолланбалар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Қазақстан Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилип атырған Alem.ai жасалма интеллект орайының презентациясы болып өтти.
Alem.ai – жасалма интеллект тараўында қәнигелерди оқытыў, стартапларды иске қосыў ҳәм илимий изертлеўлерди әмелге асырыў ушын платформа.
Жетекшилер Орайлық Азиядағы ең ири технопарклер бирлеспеси – “Central Asian Innovation Hubs” (“Astana Hub” ва “IT Park Uzbekistan”) жумысы менен танысты.
Президентлер санластырыў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги IT өнимлерин жаратыў, жасалма интеллект ҳәм алдынғы мәлимлеме технологиялары тараўындағы миллий стратегияларды өз-ара байланыстырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Алматы қаласына сапарының мәдений бағдарламасы шеңберинде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен биргеликте Абылхан Кастеев атындағы Миллий көркем өнер музейине барды.

Халық художниклери – қазақ сүўретлеў өнериниң тийкарын салыўшысы Абылхан Кастеев ҳәм өзбек реңли сүўрет шебери Орал Тансықбаевтың шығармалары тамаша етилди.


Көргизбе Өзбекстан ҳәм Қазақстан бай көркем мийрасының жарқын көриниси, еки туўысқан халық арасындағы беккем мәдений қатнасықлардың символы болды.




Мәмлекет басшылары көркем өнер тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, биргеликтеги илажларды өткериў, мәдений сөйлесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қазақстан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.

Алмата халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Қазақстан Республикасы Президенти Қасым – Жомарт Тоқаев шығарып салды.



ӨзА