Тонировка руқсатнамасынан надурыс пайдаланғаны ушын жәрийма белгиленбекте

170

Жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланған нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 126-1—статьясы менен толықтырылмақта.

Оған бола, «айналардың түрин өзгертиў (қарайтыў) ушын тийисли руқсатнамада белгиленген қағыйдаларға әмел етпеў БЕМниң бир есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады».

Мағлыўмат ушын, ҲЖҳКтиң 126-статьясы автомобиль айналарын руқсатнамасыз қарайтқаны ушын БЕМниң 25 есеси муғдарында (9 млн 375 мың) жәрийманы нәзерде тутады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги