Арал мәденият саммитин жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында

375

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Аралбойы регионында қолайлы тәбийғый орталық жаратыў, аймақтың бийбаҳа мәденияты ҳәм тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен ен жайдырыў, бул бағдарларда илимий-изертлеў жумысларын, инновациялық жойбарларды ҳәм дөретиўшилик басламаларды әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиў ҳәм сөйлесиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде қарар етемен:

  1. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 2023-жыл 22-24-март күнлери Нью Йорк қаласында (АҚШ) болып өткен суў ресурсларына бағышланған конференциясында Өзбекстан Республикасы тәрепинен Арал мәденият саммитиниң жойбарын әмелге асырыў басламасы алға қойылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2025-жылдан баслап ҳәр он сегиз айда – бәҳәр ямаса гүз мәўсимлеринде Арал мәденият саммити (кейинги орынларда – Саммит)н өткерип барыў жолға қойылсын.
  3. Биринши Арал мәденият саммитин Самарқанд климат форумы менен сәйкес ҳалда 2025-жыл 4-6-апрель күнлери Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилсин.
  4. Төмендегилер Саммиттиң тийкарғы мақсет ҳәм бағдарлары етип белгиленсин:

а) Аралбойында ҳәм дүньяның басқа да регионларында жүзеге келген экологиялық машқалаларды додалаӯ ҳәм ақылға уғрас шешимлерди усыныӯ ушын глобал платформа жаратыӯ;

б) Аралбойы машқалаларын шешиӯде пәнлераралық қатнас жасаӯды раӯажландырыӯ;

в) турақлы шешимлер ҳәм стратегиялар жаратыӯға қаратылған билимлендириӯ бағдарламалары тийкарында Арал мектебин шөлкемлестириӯ;

г) заманагөй технологиялар ҳәм дәстүрий архитекторлық тийкарында «Истиқлол» мәденият ҳәм дем алыӯ бағы, бағ аймағында жайласқан балалар китапханасын қайта қурыӯ ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыӯды жолға қойыӯ;

д) жеткши жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Аралбойы регионында суӯ ҳәм топырақ изертлеӯлерин алып барыӯ;

е) Аралбойы аймағының топырақ ҳәм климат шараятына сәйкес болған аӯыл хожалығы егинлерин үйрениӯге қәнигелескен лаборатория платформасын жаратыӯ ҳәм оны бул бағдарда әмелге асырылатуғын илимий изертлеӯлердиң оқыӯ-әмелият майданына айландырыӯ;

ж) Аралбойы регионында әсирлер даӯамында қәлиплескен бийбаҳа мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлаӯ, қорғаӯ ҳәм кеңнен ен жайдырыӯ;

з) халықаралық масштабта турақлы сөйлесиӯлер, әмелиятлар, семинарлар, изертлеӯ бағдарламаларын шөлкемлестириӯ.

  1. Арал мәденият саммитине таярлық көриӯ ҳәм оны өткериӯ бойынша шөлкемлестириӯ комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириӯ комитети) 1-қосымшадағы қурамға муӯапық дүзилсин.
  2. Шөлкемлестириў комитети (А.Н. Арипов):

а) усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйым менен шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырып барсын;

б) Саммитке таярлық көриў ҳәм оны өткериўде жүзеге келетуғын шөлкемлестириў мәселелерин тезлик пенен шешип барсын;

в) Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын орынлардың техника ҳәм телекоммуникация қураллары менен үскенелениўин тәмийинлесин;

г) Саммит пенен байланыслы илажлар ҳәм сырт елли мийманлардың саяхатын шөлкемлестирсин;

д) Саммит қатнасыўшыларының Өзбекстанға келип-кетиўи, оларға виза рәсмийлестирилиўи, транспорт ҳәм медициналық хызмет көрсетиў мәселелерин муўапықластырсын;

е) Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын аймақларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислериниң әмелге асырылыўын және объектлер ҳәм мийманхана фондының таярлығын тәмийинлесин;

ж) зәрүр жағдайларда, Саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестириў менен байланыслы оператив қарарлар қабыл етсин.

  1. а) Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) Шөлкемлестириў комитетиниң жумысшы уйымы есапланатуғыны ;

б) Министрлер Кабинети тәрепинен Саммиттиң қаржыландырыў дереклери белгиленетуғыны ҳәм қәрежетлер сметасы тастыйықланатуғыны белгиленсин.

  1. Арал мәденият саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Ишки ислер министрлиги:

а) Миллий гвардия менен биргеликте Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилген аймақларда, соның ишинде, қатнасыўшылар ҳәм мийманлар жыйналатуғын орынларда, мийманханаларда ҳәм олардың әтирапында жәмийетлик тәртипти сақлаў;

б) Саммитке келген делегация ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жол ҳәрекети қағыйдаларына муўапық жолдаслық етиӯ илажларын көрсин.

  1. Айрықша жағдайлар министрлиги Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын аймақлардағы объектлер ҳәм олардың әтирапында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестирсин.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын орынларда тез медициналық жәрдем бригадалары жумысларын шөлкемлестириўди тәмийинлеў, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў ҳәм санитария нормалары, қағыйдалары ҳәм гигиена нормативлерине әмел етилиўи бойынша зәрүр илажлар көрсин.
  3. Санлы технологиялар министрлиги Қорлардың мүрәжатына тийкарланып Саммит шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын конференция ҳәм көргизбе заллары, баспасөз ханаларын белгиленген тәртипте зәрүр техникалық қураллар, синхрон аўдарма қураллары ҳәм интернет тармағы менен тәмийинлесин.
  4. Қордың талапнамасы тийкарында төмендегилерге:

а) “Uzbekistan Airways” АЖға сырт елли қатнасыўшылар ушын халықаралық ҳәм жергиликли рейслерге авиабилетлердиң бәнт етилиўин тәмийинлеў;

б) “Ўзбекистон темир йўллари” АЖға сырт елли қатнасыўшылар ушын қатнаўдағы поездлардың барлық түрлерине темир жол билетлери қорын жаратыў ҳәм рәсмийлестириў илажларын көриў усыныс етилсин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги Қордың виза талапнамаларына муўапық, Саммитте қатнасатуғын сырт елли қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасына кириў визалары консуллық жыйынлары ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйынларды өндирместен, зәрүр жағдайларда, Ташкент ҳәм Самарқанд халықаралық аэропортында рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Қор менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын барлық зәрүр шараятларға ийе болған Саммит баспасөз орайы жумысын нәтийжели жолға қойсын, сондай-ақ, илажды жоқары дәрежеде халықаралық көлемде кеңнен сәӯлелендириӯ ушын сырт ел ғалаба хабар қуралларын тартыў илажларын көрсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Г.О. Умерова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.У. Эрманов белгиленсин.
  4. Усы қарадың орынланыӯын қадағалаӯ Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                   Ш.Мирзиёев

 

Ташкент қаласы,

2025-жыл 28-март