Президент электр ҳәм газ тарифлериниң арттырылыўын 1-майға шекем кешиктириўге тапсырма берди
275

Президент Шавкат Мирзиёев электр энергиясы ҳәм газ бойынша жаңа тарифлердиң күшке кириў сәнесин кешиктириў бойынша Министрлер Кабинетине тапсырма берди. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлим етти.
Президент бул қарарды халық, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин жанылғы-энергетика ресурслары менен турақлы тәмийинлеў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл еткен.
Сол себепли жаңа тарифлер бурын режелестирилгениндей 1-апрельден емес, ал 1-майдан күшке киреди. Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги тийисли қарарына да усы өзгерис киргизиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги