Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери Алмата қаласында рәсмий емес ушырасыў өткереди

715

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола 29-март күни жоқары дәрежедеги рәсмий емес ушырасыў өткериў ушын әмелий сапар менен Алмата қаласында болады.

Еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында Өзбекстан-Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын избе-из беккемлеў мәселелери ҳәм халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер көрип шығылады.

Саўда, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў итибар орайында болады.

Өткен жылдың апрель айының басында Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилериниң усындай еки тәреплеме ушырасыўы Хийўа қаласында болып өткенин еслетип өтиў керек.

ӨзА