Өзбекстан чемпионлары анықланды

Шыршық олимпиада ҳәм паролимпиада спорт түрлерине таярлаў орайында киши жас өспиримлер арасында Шыршық қаласының 90 жыллығына бағышланған Өзбекстан чемпионаты жуўмақланды.
400 ден аслам жас палўанлар қатнасқан мәмлекет бириншилиги алдынан дәслеп Шыршық қаласы ҳәкими кубоги ушын болып өткен беллесиўлерде жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды. Қызғын беллесиўлердиң жуўмағына бола, Ташкент ўәлаяты ўәкили Отабек Шавкатов қала ҳәкими кубогин қолға киргизди.

Мәмлекет чемпионлығы ушын еки күнлик беллесиўлер нәтийжесинде өз салмақ категорияларында Камрон Носиржанов (Наманган), Даурхан Турсынбаев (Қарақалпақстан), Ҳусан Энверов (Ташкент ўәлаяты), Искандар Обидов (Ферғана), “Азамат Ўралов” (Сырдәрья), Эргашхон Камолова (Әндижан), Шаҳризадо Убайдуллаева (Қашқадәрья), Ҳилола Фахриддинова (Наўайы) сыяқлы спортшылар өз салмақ категорияларында жеңимпаз болды.

Чемпионат жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
ӨзА