Ҳүкиметтиң 2023-жыл 25-июльдеги 310-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Қурал ҳаққындағы нызамшылық жетилистирилиўи мүнәсибети менен Министрлер Кабинетиниң «Дизимге алынбаған оқатар қурал ҳәм оның оқ-дәрилерин тапсырғаны ушын сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2023-жыл 25-июльдеги 310-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» қарар қабыллады.
Оған муўапық, Министрлер Кабинетиниң «Дизимге алынбаған оқатар қурал ҳәм оның оқ-дәрилерин, жарылыўшы материаллар ҳәм жарылыў қурылмаларын ишки ислер уйымларына өз ерки менен тапсырыў ҳәм оқатар қурал ҳәм оның оқ-дәрилерин тапсырғаны ушын сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында» 2023-жыл 25-июльдеги 310-санлы қарарына:
оқатар болмаған (пневматикалық, сигнал бериўши, өткир суўық, ылақтырыў ҳәм өзин-өзи қорғаў) қурал түрлерине байланыслы түсиниклерди киргизиў;
ишки ислер уйымлары тәрепинен қабыл етилген оқатар қурал ҳәм оның патронларын криминалистлик ҳәм орайласқан мәлимлеме-излеў системалары арқалы үйрениў ҳәм дәслепки тексериўлерди шөлкемлестириў механизмин оқатар болмаған қурал түрлерине қолланыў;
оқатар болмаған қурал түрлерин өз ерки менен тапсырғаны ушын ақшалай сыйлық пенен сыйлықлаў әмелиятын енгизиўди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи.
ӨзА