«Zamin Creative» дөретиўшилик студиясының үлкен жеңиси

27-март – пүткил дүнья театр көркем өнери ықласбентлери ушын әҳмийетли сәне. Халықаралық театр күни пүткил дүнья бойлап дөретиўшилик жәмәәтлер, сахна шеберлери ҳәм театр ықласбентлерин бирлестиретуғын байрам есапланады. Бул күн көркем өнердиң инсан өмириндеги үлкен әҳмийетин еске алыў, сахна көркем өнери арқалы жәмийеттиң түрли машқалаларын сәўлелендириў ҳәм дөретиўшилерди хошаметлеў ушын хызмет етеди.

Усы тарийхый күнде Нөкис қаласындағы «Zamin Creative» инклюзив дөретиўшилик студиясы үлкен жеңиске еристи. Олар «Туран» театр таңлаўында қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизди. Бул табыс олардың дөретиўшилик қәбилети, мийнети ҳәм сахна көркем өнерине болған қызығыўшылығының нәтийжеси болып есапланады.
Таңлаўда «Zamin Creative» дөретиўшилик студиясы Әжинияз Исмайловтың «Тербенбес жүреклер» атамасындағы тәсиршең шығармасынан үзинди атқарыўға қарар етти. Бул шығарма инсан қәлбиндеги сезгирлик, меҳир ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, адамгершиликти жоғалтпаў ҳаққында гүрриң етеди. Студия ағзалары бул сахнаны жанлы, терең сезимлер менен атқарып, төрешилер қурамы ҳәм тамашагөйлердиң алғысына еристи.

Таңлаў Ташкент қаласындағы Муқимий атындағы Өзбек мәмлекетлик музыкалы театрында өткерилди. Онда Нөкистен тысқары Қаршы, Ташкент, Әндижан ҳәм Марғиландағы «Zamin Creative» дөретиўшилик студиялары да қатнасты. Ҳәр бир команда өзиниң дөретиўшилик шеберлигин көрсетип, театр көркем өнериниң әҳмийетин айқын сәўлелендирди.
Бул жеңис олар ушын және де үлкен жойбарларға жол ашыўы мүмкин. «Zamin Creative» дөретиўшилик студиясы келеси жылларда және де жоқары нәтийжелерге ерисиўге, жаңа ҳәм тәсиршең спектакльлер таярлаўға таярлық көрмекте.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы