Өзбекстандағы реформалар, ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат атап өтилди

144

Олий Мажлис Сенатына Венгрия мәмлекетлик аудит уйымының баслығы Ласло Виндиш басшылығындағы делегация келди.

Сенат Баслығы Танзила Норбаева менен ушырасыўда Ласло Виндиш Өзбекстандағы реформалар, жақын қоңсышылық ҳәм халықаралық дәрежедеги ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясатты атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Венгрия арасында көп жыллық дослық байланысларына ҳәм еки халық арасындағы қатнасықлардың тарийхый әҳмийетине тоқтап өтти.

Еки мәмлекет жетекшилериниң ҳәрекетлери менен раўажланып атырған стратегиялық қатнасықлар ҳәм олардың перспективалары додаланды. Атап айтқанда, саўда, экономика ҳәм суў хожалығы тараўларында бирге ислесиў жойбарларын жолға қойыў, сондай-ақ, ҳәр еки мәмлекеттиң аймақлары арасында сөйлесиўлерди буннан былай да жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекет дәрежесиндеги ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаў мәселесинде тәжирийбе алмасыў ҳәм парламентлераралық байланысларды раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм белгиленген басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Н.Абдураимова,

ӨзАның хабаршысы