Илон Масктиң чат-боты Telegramда иске қосылды

Миллиардер ҳәм xAI компаниясының тийкарын салыўшысы Илон Маск GrokAI чат-ботынан енди Telegram арқалы пайдаланыў мүмкин екенлигин тастыйықлады.
Мессенджердиң тийкарын салыўшы Павел Дуров бул ҳаққында бир ҳәпте алдын жазған еди.
Социаллық тармақлардағы Grok рәсмий аккаунтында айтылыўынша, чат-бот Premiumға жазылған барлық Telegram пайдаланыўшылары ушын бийпул. Бирақ нейротармақтың толық функцияларынан тек X социаллық тармағы ҳәм Think ҳәм DeepSearch арқалы пайдаланыў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги